Ең үлгили көше бийлери сыйлықланды

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында аўыл-аймақлардың күнделикли турмысында белсендилик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған көше бийлери арасында өткерилген “Ең үлгили көше бийи” таңлаўының районлық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм көше бийлери қатнасты.
Мәресимде мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, халық пенен тығыз бирге ислесиў, социаллық машқалаларға бийпәрўа болмастан, олардың шешимин табыўда көше бийлериниң атқарып атырған бийминнет хызметлери айрықша атап өтилди.
Илажда “Ең үлгили көше бийи” таңлаўының районлық басқышында жеңимпаз болған 3 көше бийлерине 5 миллион сум, 14 мәҳәллениң көше бийлери 1 миллион сум ақша менен хошаметленди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы