Президент Мүрәжатының мазмун-мәниси түсиндирилди

Бүгинги күнде республика бойлап мәҳәлле ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында Президент Мүрәжатының мазмун-мәнисин халыққа жеткериў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда, Беруний районындағы “Серқуёш” мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлледе жасаўшы пуқаралардың қатнасыўында ӨзЛиДеПтен Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси депутатларының қатнасыўында үгит-нәсият илажы өткерилди. Илаж “Сиясий ағартыўшылық майданы” жойбары шеңберинде “Өзбекстан – 2030″ стратегиясы: сиясий реформалардың тийкары” атамасына бағдарланды.
Илаж даўамында Президент Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген 6 тийкарғы бағдар, сондай-ақ, жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.


Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар инсан қәдири, әдиллик, ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершилик принциплерине тийкарланып, мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Соның менен бирге, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы тийкарында ислеп шығылғаны ҳәм халықтың пикир-усыныслары инабатқа алынғаны атап өтилди.
Илажда қатнасқан мәҳәлле белсендилери Президент тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири, әдиллик ҳәм абаданлықты тәмийинлеўде әҳмийетли бағдарлама болып хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агнетлиги