Жаңа жумыс ҳәм имканиятлар: Нөкисте “Сырт елде жумыс” ярмаркасы

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң шөлкемлестириўинде пуқаралардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, сырт еллерде нызамлы мийнет етиўине жәрдемлесиў мақсетинде «Сырт елде жумыс» мийнет ярмаркасы өткерилди.
Ярмаркада Ташкент қаласынан келген жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен тийкарынан Европа аўқамына кириўши мәмлекетлер ҳәм Корея Республикасында бар болған жумыс орынлары усыныс етилип, қатнасыўшыларға ол жерлердеги жумыс шараятлары, мийнет ҳақы, жасаў ҳәм социаллық кепилликлер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар сырт елде жумыс ислеў тәртиби, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм тил үйрениў мәселелери бойынша қәнигелерден мәсләҳәтлер алды.
– Ярмаркаға Ташкент қаласынан келген жеке меншик бәнтлик агентликлериниң ўәкиллери қатнасып, Германия, Словакия, Латвия, Литва, Эстония, Корея мәмлекетлеринде бар болған хызмет көрсетиў, қурылыс ҳәм санаат тараўлары бойынша бос жумыс орынларын усыныс етпекте, – дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги Қарақалпақстан филиалы бас қәнигеси Аманбай Алланиязов. – Пуқаралар өз қәнигеликлери бойынша ҳүжжетлерин тапсырғаннан соң, екинши басқышта жумыс бериўшилер менен сәўбетлесиўден өтеди ҳәм буннан соң сырт еллерге жумыс ушын виза шығады.
Сондай-ақ, ярмарка шеңберинде пуқаралар Нөкис қаласы, Нөкис, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районлары кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлери тәрепинен де өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары менен танысып, бөлим хызметкерлеринен тийисли мағлыўматлар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги