Нызамды қолланыўда бирден-бир көзқарас – суд әмелиятының тийкарғы ўазыйпасы

34

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллик аппаратының республикамыздағы секторы, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармаларындағы тийисли тараў ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьялары Г.Байназарова, К.Хожамуратов ҳәм Ж.Аймаганбетовалардың қатнасыўында оқыў-семинары болып өтти.

Семинарда суд әмелиятында нызам ҳүжжетлериниң бирдей қолланылыўын тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўға қаратылған әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2025-жыл 24-ноябрьдеги 23-санлы қарары менен бир қатар қарарларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың әҳмийети кеңнен сәўлелендирилди. Бул өзгерислер кредит ҳәм гиреў қатнасықлары, орынлаў исин жүргизиў ҳәм жерге байланыслы келиспеўшиликлерди көрип шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылғаны атап өтилди.

Судьялар тәрепинен кредитти мүддетинен алдын өндириў шәртлери, гиреўдеги мүлкке өндириў қаратыў тәртиби, жер ижарасы қатнасықларында жүзеге келип атырған келиспеўшиликлерди шешиўде бирден-бир қатнасты тәмийинлеў, сондай-ақ, прокурор қатнасыўының мәжбүрий жағдайлары бойынша анық түсиниклер берилди. Әмелиятта ушырасып атырған машқалалар, суд әмелиятындағы айырмашылықлар ҳәм оларды сапластырыў жоллары додаланды.

Ашықтан-ашық сөйлесиў түриндеги өткерилген семинарда қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип, судьялардан нызам нормаларын дурыс қолланыў бойынша анық мысаллар тийкарында жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги