Тақыятаслы Ларина  Дарина гүмис медаль ийеси

11

Усы жылдың 19-26-январь күнлери Ташкент қаласында шахматтың стандарт жөнелиси  бойынша 6 жасқа шекемги ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Бул чемпионатта қызлар арасында мүнәсип қатнасқан Тақыятас районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшысы Ларина Дарина сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медалын ҳәм Азия чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди.

Дарина әжапасы Зарина екеўи спорттың шахматтың түрине қызығады. Олардың шахмат ойнаўға деген қызығыўшылығын сезген ата-анасы Тақыятастағы шахмат дөгерегине алып барады. Ол жерде олар тәжирийбели тренер Абдиркерим Тураевтан  шахматтың өзине жараса сырларын үйренип келмекте.

Оның әжапасы Зарина ҳәзирги ўақытта Тақыятас районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 2-класында билим алмақта. Ол шахмат спорт түри бойынша бир қанша табысларды қолға киргизген. Әжапасының шахматқа деген қызығыўшылығын көрип шаңарақта бирге шахмат ойнап,  дөгерекке де изине ерип баратуғын Дарина да өзиниң шахматтағы табысларын қолға киргизе баслайды. Ол 6 жасқа шекемги ер ҳәм қызлар арсында өткерилген Қарақалпақстан чемпионатында бириншиликти қолға киргизеди. Бүгин ол Өзбекстан чемпионы. Енди ол Қытайда өткерилетуғын Азия чемпионатында қатнасады.

-Қызларымның екеўи де шахматқа ықласы күшли. Зарина үкеси менен бос ўақытларда үйде шахмат ойнайтуғын еди. Сол себепли ол да әжапасы сыяқлы шахматқа қызығып кетти.  Шахмат тек ғана ақыл гимнастикасы  емес ал, физикалық күш талап ететуғын спорт түри. Себеби, жарысларда күнине 2 партиядан ойнайтуғын болса ҳәр қайсысы  2, 3 сааттан даўам етеди. Ақыл менен шешилетуғын бул спорт түринде тикке отырып ойынды даўам етиўи ушын спортшы ҳәр тәреплеме саламат болыўы керек. Сонлықтан да биз олардың денсаўлығына, аўқатланыў режимине жетерлише итибар қаратып атырмыз. Мине Дарина да үлкен жарысларға қатнаспақта. Олардың екеўинен де үмитлеримиз көп,-дейди анасы Насиба Қабулова.

                                               Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги