Көп квартиралы турақ жайлардың техникалық жағдайы бойынша бир жылда 7 мыңға шамалас қағыйдабузарлық анықланды

2

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди. Соның ишинде, республика көлеминде жәми 26 мың 804 қурылыс объектинде алып барылып атырған қурылыс-монтажлаў жумыслары мәмлекетлик қадағалаўға алынған.

Бул объектлерде аймақлық қадағалаў инспекцияларының хызметкерлери тәрепинен 370 мың 676 мәрте қадағалаў ҳәм мониторинг илажлары өткерилди. Сондай-ақ, 2025-жыл даўамында аймақлық инспекциялар тәрепинен 24 мың 671 көп квартиралы турақ жайдың техникалық жағдайы үйренилди.

Үйрениўлер нәтийжесинде 7 мыңға шамалас нызамбузыўшылық жағдайы анықланып, олардың барлығын сапластырыў бойынша мәжбүрий жазба көрсетпелер берилди ҳәм орынланыўы қатаң қадағалаўға алынды. Анықланған нызамбузыўшылық жағдайларының 4 мыңға шамаласы ықтыярлы түрде сапластырылды, 3 мыңнан аслам жағдай бойынша ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды.

Соның менен бирге, 2 мыңға шамалас жағдай бойынша суд уйымларына даўа арзалары киргизилди. Буннан тысқары, 2025-жыл даўамында ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларына 5 мың 745 нызамсыз жалғаныў жағдайы анықланып, барлық жағдайлар бойынша нызамшылыққа муўапық ҳәкимшилик жәрийма илажлары көрилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылды.

Ш.Маматуропова, ӨзА