Жаслар “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарына усыныслар билдирди

2

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы бағдарларының мазмун-мәнисин жаслар арасында түсиндириўге бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда “Өзбекстан – 2030” стратегиясын жетилистириў, онда турақлы экономикалық өсиў, жаңаша билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў, бәнтликти тәмийинлеў, қолайлы экологиялық шараятларды жаратыў мәселелери бойынша мағлыўмат берилди.

Соның менен бирге, илаж қатнасыўшылары технология ҳәм санааттың жедел раўажланыўы, “жасыл экономика”ға өтиў, санлы трансформация, жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик тараўларының әҳмийетлилиги бойынша өз-ара пикир алмасты.

Илажда жаслар тәрепинен билдирилген бир қатар усыныслар усы жердиң өзинде uzbekistan2030.uz платформасына киргизилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги