“Аймақлықгазтәмийнаты” ISO 14001 ҳәм ISO 45001 бойынша халықаралық сертификатларға ийе болды

“Аймақлықгазтәмийнаты” акционерлик жәмийети экологиялық менеджмент ҳәм мийнетти қорғаў тараўындағы ISO 14001:2015 ҳәм ISO 45001:2018 халықаралық стандартлары бойынша муўапықлық сертификатларын қолға киргизди. Бул жәмийеттиң жумысында халықаралық талаплар тийкарында басқарыў системалары енгизилгенлигин көрсетеди.
“MANAGEMENT CERTIFICATION” ЖШЖ тәрепинен өткерилген комплексли аудит нәтийжелерине бола, шөлкемниң қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў, экологиялық қәўип-қәтерлерди басқарыў, сондай-ақ, барлық дәрежелерде хызметкерлер ушын қәўипсиз ҳәм саламат мийнет шараятларын тәмийинлеў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары халықаралық талапларға муўапық, деп табылды.
ISO 14001 ҳәм ISO 45001 стандартлары тийкарында интеграцияласқан басқарыў системасының енгизилиўи тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, экологиялық турақлылықты күшейтиў ҳәм өндирис процесслеринде мийнет қәўипсизлигин буннан былай да жетилистириў имканиятын береди.
Жәмийет жуўапкерлериниң атап өтиўинше, бул халықаралық сертификатлар нәтийжелиликти арттырыў, тутыныўшылар ҳәм бирге ислесиўшилер арасында исенимди беккемлеў, сондай-ақ, газ тәмийнаты тараўындағы ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда қосымша имканиятлар жаратады.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА