Қыстың аппақ ертеги

24

Бүгин ерте таңнан жер бетин қаплаған аппақ қар бәршеге жоқары кейпият бағышлап, қыс мәўсимине жараса тәбиятқа гөззал сән қосты. 

Тәбият аппақ қарға бүркенип, ҳаўа тазарып, дарақлар әсиресе шыршалар «сийнесине» қонған аппақ липастан жүдә шырайланып кетти. Бул тәбияттың гөззал пейзажы кимди болса да кеўлин қуўанышқа толтырып, балалар қар урысып ойнаса, жаңа технологияны қолларына көтерип жүрген заманласларымыз сол қол телефонларына сүўретке түсип бүгинги күн, ертеңги тарийх ушын мөрлеп қоймақта.

Таза ҳаўа. Тереңнен дем алып, өкпеңди бийминнет толытырып нәпес алатуғын тәбияттың бул инамы қардың «қүдирети» менен бәршемизге көптен күткен таза ҳаўаны берди. Тазарып, жаңаланып, қалған тәбияттың бул қүдирети ерте таңда кимдур жумысқа, кимдур оқыўға баратырған заманласларымыздың аппақ қар бетине түскен дәслепки қәдемлери менен «ғарш-ғарш» етип шыққан даўыслары жанға күтә жағымлы еситиледи. Айтпақшы, «мен мәнзилиме қалай жетип бараман. Бүгин жолда көликлер бармекен өзи?»,-деп қәўетерленгенлердиң бул ойға барыўы орынсыз болып, кеше ғана республика басшысының тапсырмасы менен жолға қойылған электробуслар ҳәм күнделикли жүрип турған маршрутлардың бүгин де үзликсиз хызмет атқарып атырғанлығы бизиң узағымызды жақын етпекте. Жол басқармасы ҳәм абаданластырыў хызметкерлерине алғысымыз шексиз. Транспортлардың мәнзиллерине жақсы жетип барыўы ушын халқымыз ушын ерте таңнан өз хызмет ўазыйпаларына кирисип жолларды қардан тазалап суўықты да, қарды да писент етпей мийнет етип атырғанлығы ушын қанша миннетдар болсақ арзыйды.

Усы орында биринши қалың қардан илҳамланып жазған шайыр Гүлнара Нурлепесованың «Қар жаўып атыр…» қосығы кеўиллерге және де жоқары кейпият бағышлап, тәбиятқа сүйиспеншилиңди асырады.

Дарақлар ақ қарлар жамылып,

Аппақ мөлдир сырға тағынып.

Аппақ қарды қалған сағынып,

Жүрегиме қар жаўып атыр.

 

Аппақ болып ағарған таңлар,

Аппақ мамық яңлы ақ қарлар.

Аппақ кеўлим ақ қарға қардар,

Тилегиме қар жаўып атыр.

 

Аппақ  қарға тойынсын жерлер,

Аппақ қардан көгергей еллер.

Суўға толсын дәрьялар,көллер,

Тынбастан ақ қар жаўып атыр!

 

Қутлы болсын қайырлы күниң,

Қарлы таза ҳаўалы күниң.

Несийбели болғай төркиниң,

Ҳақ кеўлиме нур жаўып атыр.

 

Елемессең қысқы салқынды,

Көринислер қандай тартымлы!

Қуўандырып гүллән халқымды,

Нөкисимде қар жаўып атыр.

 

Қандай жақсы бул ҳал бирадар,

Жер тойынып қардан нур алар.

Қар сағынған халқым қуўанар,

Ел ырысы қар жаўып атыр.

 

Аўа, қар жаўып атыр. Аппақ қар.  Қар менен қосыла көктен дийқан -фермер ҳәм шарўаларымыз ушын тәбияттың ырысқы-несийбеси, халқымыздың молшылықтан үмитлери, таза ҳаўа дереги, гөззаллық көриниси жаўып атыр.

-Ата, далаға шығаман. Қар ойнайман. Мени шана менен айдайсаңғо я,-деген кишкенениң шийрин сөзинен илҳамланып кеткен атасы қораның басына ылақтырып қойған баяғы шанасы менен асай-масайды излеп, «ҳа кемпир, ана баланы оятсаңо. Баяғы шананы таппай атырман. Маған излесип жиберсин, асай-масай қайда» деп қоңсының үй бетинен шығып атырған даўыслар жыллы батареяның түбинде мүлгип отырған кепир-ғаррыларды да йошландырып жиберген қар болды-аў, бул деймен.

Бул қар тынышлық, молшылық, аўызбиршиликте жасап атырған халқымыздың бүгинги күнине жарасқан қар болсын. Аппақ арзыўлар менен гөззал көриниске бөленген, аппақ келиншек липасындағы мәлийкалар киби бийғубар тәбият инамы. Сени жыллы кеўиллер менен күтип алдық аппақ қар. Тәбияттың гөззал пейзажы. Жер көксине хош келипсең, аппақ қар.

                                                    Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги