Өзбекстан Европа илимий мәканына қәдем қойды

8

Өзбекстан тарийхта биринши мәрте Европа Аўқамының ең ири ҳәм ең бәсекиге шыдамлы илимий-инновациялық бағдарламасы – “Horizon Europe қатнасыўшысына айланды. Мәмлекетимиздиң илими ҳәм жоқары билимлендириў системасының раўажланыўында әҳмийетли бурылыс ноқаты сыпатында тән алынып атырған бул ўақыя глобаллық илимий-технологиялық майдандағы орнымыз беккемленип атырғанын аңлатады.

Таңлаўда жеңимпаз болған Ташкенттеги Халықаралық Вестминстер университети, Геология илимлери университети ҳәм “Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты” АЖ халықаралық “TiBeRIUM” жойбарының қурамына кирди. Бул бағдарлама Европа ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған титан ҳәм бериллий ресурсларын терең үйрениў, усы элементлерди экологиялық жақтан нәтийжели қайта ислеў арқалы турақлы тәмийнат шынжырын қәлиплестириўге қаратылған.

Бизге белгили, ЕА тәрепинен әҳмийетли шийки зат сыпатында баҳаланатуғын титан ҳәм бериллий авиация, энергетика, “жасыл” технология ҳәм санлы санаатта кеңнен қолланылады, санааттың турақлылығы ҳәм технология еркинлигине тиккелей тәсир көрсетеди. “TiBeRIUM” шеңберинде Өзбекстан 8,5 миллион евро грант алады. Бул ЕА бағдарламасы арқалы ҳәзирге шекем усынылған ең ири илимий финанслық дерек болып есапланады.

Жойбарда Германия, Уллы Британия, Норвегия, Испания, Белгия, Финляндия, Полша, Греция, Кипр, Болгария, Қазақстан ҳәм Өзбекстаннан жәми 25 шөлкем қатнаспақта.

Ең әҳмийетлиси, бул таңлаў елимиз әпиўайы шийки зат жеткерип бериўшиден илимий изертлеў, қайта ислеў технологиясы ҳәм жоқары маман кадрлар таярлаўға тийкарланған модельге өтип атырғанын көрсетеди. Өйткени, соңғы жыллары республикамыз тек ғана илим ушын емес, ал экономика ушын да жоқары дәрамат, технологиялық билим ҳәм узақ мүддетли раўажланыў потенциалын көрсетпекте.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА