Мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген хызметкерлер менен дәслеп бир жылға шәртнама дүзиледи

Елимизде ықшам, профессионал ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын қәлиплестириў, мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарларын беккемлеў, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысын нәтийжелиликке бағдарлаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасы заман талапларына сай түрде жетилистирилип барылмақта.
Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде усы мәселелерге байланыслы “Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структурасы ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарында бажыхана, ишки ислер, прокуратура, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм судьялар Администрация басшысының бийлиги менен басқа мәмлекетлик уйымларға ямаса олардың қарамағындағы шөлкемлерге басқарыў хызметкери лаўазымларына өткенде, нызам ҳүжжетлерине муўапық, олардың кадрлар резервине киргизилиўи ямаса хызмет стажының есапқа алыныўы менен байланыслы нормалар нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзилиўи, “Мәмлекетлик хызметке кириў” арнаўлы курсларын ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын өтиўи және инсан ресурсларын басқарыўға байланыслы мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер тек ғана “hrm.argos.uz” платформасында қәлиплестирилиўи белгиленбекте.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жумысшы топар ағзалары ҳәм депутатлардың усыныслары тийкарында жетилистирилгени атап өтилди ҳәм депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова,
Аслиддин Алижонов (фото), ӨзА