Спорт арқалы аўызбиршилик ҳәм раўажланыўға қарай

57

Мүнәсибет

Азия Олимпия кеңесиниң 46-Бас ассамблеясы пайтахтымызда өткерилгени, әлбетте, үлкен тарийхый ўақыя болды. Онда Президентимиз Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен спорт тараўында көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў ушын ашық екенин, спорт дипломатиясын раўажландырыў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыўға таяр екенин атап өтти.

Бүгин Өзбекстанда спорт анық мақсетке бағдарланған ҳәм нәтийже берип атырған бир пүтин системаға айланды. Соңғы жыллары спорт тараўын раўажландырыў мәселелери тиккелей мәмлекетимиз Президентиниң дыққат орайында. Әсиресе, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен кейинги жылларда Өзбекстанда спорт тараўында әмелге асырылған кең көлемли жумыслар, заманагөй спорт инфраструктурасының қурылыўы, олимпиада ҳәм паралимпияда ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы басламалар халықаралық жәмийетшиликке анық мысаллар арқалы жеткерилди.

Бул Өзбекстанның спорт тараўында исенимли бирге ислесиўши сыпатындағы абырайы барған сайын артып атырғанын көрсетеди. Заманагөй инфраструктураны жаратыў, ғалабалықтан профессионал спортқа шекемги таярлықтың вертикал системасын қәлиплестириў, халықаралық стандартларды енгизиў, жаслар ҳәм пара спортты қоллап-қуўатлаў – булардың барлығы анық ҳәм әмелий нәтийжелер бермекте. Бүгинги күнде мәмлекетимизде 15 миллионнан аслам адам ғалабалық спорт пенен қамтып алынған. Дене тәрбиясы менен турақлы шуғылланыўшылардың саны болса дерлик бир ярым есеге артты. Бул санлар тек ғана есап ушын емес, ал келешектеги жеңислердиң беккем тийкары болып, әмелий жумысларымыздың нәтийжесин көрсетпекте. Әсиресе өткен 2025-жыл табысларға бай болды. Өзбекстан жаслар сайланды командасы пүткил жәҳән универсиадасында 13-орынды ийеледи. Бахрейнде өткен жаслар Азия ойынлары ҳәм Саудия Арабстанындағы Ислам тилеклеслиги ойынларында 2-орынды қолға киргизди. Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығында өткерилген жас өспиримлер арасындағы Пара Азия ойынларында болса Өзбекстан делегациясы 1-орынды ийеледи. Футбол бойынша миллий сайланды командамыз мәмлекет тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Тараўдағы бундай әмелий жумыслардың ҳақыйқый баҳасы халықаралық спорт жәмийетшилигиниң исеними болып есапланады.

Усы жылдың 24-27-январь күнлери Азия континентиниң түрли мүйешлеринен 45 мәмлекеттен мыңлаған спорт тараўының қәнигелери Өзбекстанға келди. 45 байрақ 45 мәмлекеттиң Олимпиада комитетлери әйне усы жерде қатнаспақта. Биз кейинги жыллары мәмлекетимизде бул форматтағы ушырасыўларды жүдә көп мәрте көрип атырмыз. Мәселен, тек ғана 2025-жылдың өзинде Өзбекстан 50 ден аслам мине, усындай үлкен ҳәм киши илажларға басшылық етти. Жаңа 2026-жылды және мине, усындай үлкен илаж менен баслап атырмыз. Мағлыўмат орнында бул халықаралық илажға Ташкенттиң басшылық етиўи ҳаққындағы қарар 2025-жылы Кувейтте қабыл етилген еди. Қабыл етиўши мәмлекет ушын бул тек ғана абырайлы илаж емес, ал шөлкемлестириў потенциалын көрсетиў, халықаралық байланысларды беккемлеў, инвестицияларды тартыў ҳәм регионаллық спорт сиясатының орайы сыпатында өзин көрсетиў имканияты болып, әмелде өз тастыйығын тапты.

Бүгинги күнде Өзбекстан ишки ҳәм сыртқы сиясатта да жедел өзгерислерди әмелге асырмақта. Мәмлекетимиз спорт тараўында жаңадан-жаңа усыныс ҳәм басламаларды киргизиўге таяр екенин көрсетпекте. Бир неше күн даўамында Ташкент Азия спорты дипломатиясының орайына айланады. Күн тәртибинде Азия Олимпиада кеңеси басшыларын сайлаў, континент спортының келешегине байланыслы қарарлар, ири жарысларды өткериў мәселелери, спорт басқарыўында ашық-айдынлық ҳәм реформалар, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар спортын раўажландырыў, санластырыў ҳәм заманагөй басқарыў усылларын енгизиў, санлы трансформация, жасларға тийкарғы итибар ҳәм соның менен бирге, параллел түрде глобаллық көлемдеги ушырасыўлар орын алған. Азия Олимпия кеңеси 45 Миллий Олимпия комитетин бирлестирген континенттеги ең ири спорт шөлкеми болып есапланады. Оның Бас Ассамблеясы болса Кеңестиң ең жоқары қарар қабыл етиўши уйымы болып, бул жерде тек ғана шөлкемлестириў мәселелери емес, ал Азия спортының сиясий, экономикалық ҳәм институционаллық раўажланыўы додаланады.

Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған әҳмийетли басламалардан және бири – Азия мәмлекетлери арасында спорт тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселеси болып есапланады. Бул усыныслар континентте саламат бәсеки, профессионал спорт ҳәм жас талантлыларды қоллап-қуўатлаў системасын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Депутат сыпатында соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, Президент Шавкат Мирзиёевтиң бул шығып сөйлеген сөзи спорт тараўын мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп бергени менен де әҳмийетли. Спортқа киргизилип атырған инвестициялар, нызамшылық тийкарларының жетилистирилиўи ҳәм халықаралық бирге ислесиўге ашықлық – булардың барлығы мәмлекетимиз жасларының физикалық жақтан саламат, руўхый жақтан бәркамал болып камалға келиўине хызмет етпекте.

Жуўмақлап айтқанда, Азия Олимпия кеңесиниң 46-Бас ассамблеясындағы бул шығып сөйлеў Өзбекстанның ашық, тынышлық сүйер ҳәм бирге ислесиўге таяр мәмлекет екенин және бир мәрте көрсетти. Спорт арқалы халықларды бирлестириў, жасларға исеним бағышлаў ҳәм келешекке үмит оятыў идеясы мәмлекетимиз сиясатындағы тийкарғы бағдар екенин бул шығып сөйлеў және де айқын көрсетти.

Гулжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги