Муўапықластырыўшы кеңес мǝжилиси болып өтти

Нөкис қаласында Республика мǝкемелераралық муўапықластырыўшы кеңестиң мәжилиси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов, Ишки ислер, Миллий гвардия, тийисли министрлик ҳǝм уйымлардың басшылары, Республика мǝкемелераралық муўапықластырыў штабы ағзалары, район (қала) ҳǝкимлери, аймақлық прокурорлар ҳǝм ишки ислер уйымлары басшылары, аймақлық штаб ҳǝм жумысшы топарларының ағзалары, барлық мǝҳǝллелердеги мǝҳǝлле жетиликлери қатнасты.
Мǝжилисте мǝҳǝллелерде қǝўипсиз орталықты жаратыў ҳǝм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасы нǝтийжелилигин артырыўға байланыслы қарарлар орынланыўы аҳўалы, усы тараўда ǝмелге асырылған жумыслар ҳǝм жуўапкер басшылардың криминоген жағдайды турақластырыўда ерискен нǝтийжелери додаланды.
Жуўапкерлерге социаллық профилактика жумысларын нǝтийжели шөлкемлестириў, жасларды толық хатлаўдан өткерип, социаллық турмыслық машқалаларын үйрениў, шаңарақ-турмыс мүнǝсибетлер шеңберинде ҳǝм ҳаяллар тǝрепинен исленген жынаятлардың келип шығыў себеп ҳǝм омилларин анықлап, сапластырыўдың нǝтийжели илажларын көриў, халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеўде жүзегөйликке жол қоймаў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп берилди.


Прокурорларға балалар мǝселелери бойынша арнаўлы комиссия, Ишки ислер, аталық ҳǝм қǝўендерлик органларының жумысы, медицина бирлеспелеринде нǝшебентлер ҳǝм спиртли ишимликке берилген шахсларды дизимге алыў, емлеў процесслерин толық үйрениў бойынша мүддети белгиленген тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги