Өзбекстан таӊлаған сыртқы сиясат жолы – өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған тынышлық стратегиясы болып есапланады

33

Геосиясий бәсеки кескинлесип атырған шараятта тынышлықты сақлаў, келиспеўшиликлерди сиясий ҳәм дипломатиялық жоллар менен шешиў мәселеси дүнья жәмийетшилиги ушын тийкарғы ўазыйпаға айланды. “Тынышлық кеңеси” халықаралық форматы қураллы қарама-қарсылықларға шек қойыў, келиспеўшиликлерди әскерий емес, ал сиясий сөйлесиў ҳәм дипломатиялық келисимлер тийкарында шешиўге қаратылған нәтийжели платформа сыпатында қәлиплестирилмекте.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжан Маматкаримов бул бойынша мүнәсибет билдирди:

– Итибарлы тәрепи сонда, Өзбекстан “Тынышлық кеңеси”не шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында мирәт етилди. Мәмлекетимиз басшысы Давос қаласында усы кеңестиң режесине қол қойыў мәресиминде қатнасқаны, бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткергени елимиздиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм сиясий салмағы және де артқанын айқын көрсетти.

Бул қәдем Өзбекстанның глобаллық тынышлық ҳәм турақлылық мәселелеринде белсенди ҳәм жуўапкершиликли қатнасыўшы сыпатындағы орны беккемленип атырғанынан дерек берди.

“Тынышлық кеңеси” жумысының тийкарғы мақсети – қураллы келиспеўшиликлерди басқышпа-басқыш сапластырыў, мәмлекетлер арасында исенимге тийкарланған дипломатиялық сөйлесиў майданын жаратыў, гуманитарлық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў және регионаллық қәўипсизликти беккемлеўден ибарат. Сондай-ақ, кеңестиң жумысы халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ резолюцияларына сүйенген ҳалда, әмелий ҳәм тәсиршең қарарлар қабыл етиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Өзбекстанның бул структурада шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қатнасыўы мәмлекеттиң кейинги жылларда қәлиплескен сыртқы сиясатының көп тәреплеме, ашық-айдын ҳәм прагматикалық жолы менен тығыз байланыслы. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан сыртқы сиясаты “урыс емес – қарым-қатнас”, “мәжбүрлеў емес – келисим” принциплерине тийкарланып, регионаллық ҳәм глобаллық турақлылыққа үлес қосыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алды.

Мәмлекетимиз халықаралық келиспеўшиликлерге әдил ҳәм тең салмақлы позицияны ийелеп, келиспеўшиликлерди тыныш жоллар менен шешиў тәрепдары екенлиги менен ажыралып турады.

Әсиресе, Аўғанстан мәселесиндеги конструктивлик қатнас, Орайлық Азияда исеним орталығын қәлиплестириўге қаратылған басламалар Өзбекстанды халықаралық майданда исенимли ҳәм конструктивлик шерик сыпатында көрсетти.

“Тынышлық кеңеси” шеңберинде де мәмлекетимиз мине усы бай тәжирийбе ҳәм көзқараслар менен белсене қатнасыўы мүмкин.

Әҳмийетлиси сонда, Өзбекстан ҳеш қандай әскерий блокларға қосылмастан, өзиниң еркин ҳәм тең салмақлы позициясын сақлап қалған ҳалда, глобаллық тынышлыққа байланыслы мәселелерде жедел интакер болып шықпақта. Бул болса, мәмлекеттиң сыртқы сиясатындағы прагматизм, ашық-айдынлық ҳәм миллий мәплердиң үнлеслигиниң айқын үлгиси болып есапланады.

Жуўмақ орнында айтыў керек, Өзбекстанның “Тынышлық кеңеси” жумысында шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қатнасыўы мәмлекеттиң тынышлық сүйиўши сыртқы сиясаты жаңа, сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилгенин аңлатады.

Бул баслама арқалы Өзбекстан халықаралық келиспеўшиликлерди шешиўде тек ғана бақлаўшы емес, ал конструктивлик усыныслар ҳәм шешимлер менен шығатуғын белсенди қатнасыўшы сыпатында көрсетилмекте.

Бул қәдем мәмлекеттиң халықаралық майдандағы исенимин беккемлеп, оны турақлылық, қарым-қатнас ҳәм өз-ара пайдаға тийкарланған бирге ислесиўди алға қойып киятырған мәмлекет сыпатында және де беккем қәлиплесиўине хызмет етеди. Бул, өз гезегинде, Өзбекстанның сиясий тәсир шеңбери, дипломатиялық имканиятлары және глобаллық процесслердеги роли кеңейип атырғанын көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, “Тынышлық кеңеси”нде қатнасыў қысқа мүддетли сиясий пайдаға емес, ал узақ келешекте регионаллық ҳәм глобаллық тынышлықты тәмийинлеў арқалы миллий мәплерди беккемлеўге қаратылған саналы ҳәм жуўапкершиликли таңлаў болып табылады. Бул қатнас мәмлекетимиз келешегин турақлылық, раўажланыў ҳәм қәўипсизлик пенен байланыстырыўға хызмет етеди.

Усы мәнисте, Өзбекстан таңлаған сыртқы сиясат жолы – ашық сөйлесиў, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған тынышлық стратегиясы болып есапланады. Бул мәмлекетимиздиң стратегиялық мәплерине толық сәйкес келеди ҳәм узақ мүддетли раўажланыў ушын беккем тийкар жаратады.

ӨзАныӊ хабаршысы

Норгул АБДУРАИМОВА

жазып алды.