Қурылыс тараўындағы реформалар, режелер, әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды

Мәмлекетимизде қурылыс тараўын раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.
Соңғы жыллары қала қурылысы нормалары жетилистирилип, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қурылыс тараўында жол қойылып атырған кемшиликлер, режелердиң орынланыўындағы немқурайдылық ҳәм машқалаларды сапластырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Мәжилисте қурылыс тараўының жуўапкер басшылары ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Онда қурылыс объектлеринде алып барылып атырған жумыслардың жағдайы додаланып, бир қатар жойбарларда белгиленген мүддетлерге әмел етилмей, сапа талапларының жетерли дәрежеде тәмийинленбей атырғаны кескин сынға алынды. Соның ишинде айырым жуўапкерлер тәрепинен қадағалаўдың төмен жолға қойылғаны, машқалаларға жүзеки, үстиртин қатнаста болып атырғаны атап өтилди.
Мәжилис даўамында жуўапкер басшылардың есабатлары тыңланып, анықланған кемшиликлер бойынша анық мүддетлер ҳәм жуўапкерлер белгиленип, қурылыста жумыс сапасын арттырыў, қадағалаў механизмлерин күшейтиў, орынлаў тәртибин тәмийинлеў бойынша қатаң тапсырмалар берилип, ўазыйпалардың орынланыўына немқурайдылық пенен қараған лаўазымлы шахсларға тийисли шаралар көрилиўи ескертилди.



Мәжилис жуўмағында қурылыс тараўында тәртип-интизамды күшейтиў, ҳәр бир объект бойынша жеке жуўапкершиликти белгилеў, халыққа қолайлы ҳәм қәўипсиз жасаў орталығын жаратыў тийкарғы ўазыйпа екени және бир мәрте қатаң атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги