Туқым сапалы болса, зүрәәт соған жараса жақсы болады

23

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги менен биргеликте туқымгершилик системасын буннан былай да жетилистириў, жоқары сапалы туқымлық шигит таярлаў процесслерин, тараўда алып барылып атырған реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде Хожели районында жайласқан “Файз агро кластер” ЖШЖға қараслы пахта тазалаў заводына пресс-тур шөлкемлестирди.

Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тараў қәнигелери ҳәм тийисли шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасып, олар туқымлық шигитлерди қайта ислеўдиң заманагөй технологиялық процесслери менен жақыннан танысты.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға туқымлық шигитти дәслепки қабыллаў, механикалық ҳәм биологиялық патаслықлардан тазалаў, сайлап алыў, түксизлендириў ҳәм егиўге таяр жағдайға келтириўдиң барлық басқышлары толық түсиндирилди.

Сондай-ақ, пресс-турда туқымлық шигиттиң сапасын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болған фитосанитариялық қадағалаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң қәнигелери тәрепинен туқымлық өнимлерди зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөп туқымларысыз таярлаў, лабораториялық тексериўлерди өткериў, әмелдеги миллий ҳәм халықаралық фитосанитария талапларына әмел етиў бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Буннан тысқары, таяр туқымлық шигитти сақлаў, тасыў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў тәртиплери, туқымгершиликте сапа көрсеткишлерин арттырыў арқалы фермер хожалықларының жумысын қоллап-қуўатлаў мәселелери де додаланды.

Атап өтилгениндей, заманагөй технологиялар тийкарында қайта исленген, сапалы ҳәм сертификатланған туқымлық шигит аўыл хожалығы өндирисинде жоқары экономикалық нәтийжелиликти тәмийинлейди. Бундай илажлар келешекте жоқары өнимдарлыққа ерисиў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм егислик майданларының фитосанитариялық жағдайын турақлы сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Республикамызда 2026-жылдың зүрәәти ушын 6243 тонна туқымлық пахта жыйналған. Соннан алынатуғын туқымлық шигиттиң муғдары 3309 тоннаны қурайды. Ҳәзирги ўақытта тазалаў, түксизлендириў ҳәм дәрилеў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде барлық пахта-тоқымашылық кластер кәрханалары ҳәм басқа да субъектлер тәрепинен жергиликли ғаўаша сортынан жыйналған туқымлар тек ғана заманагөй таңлап алыў, дәрилеў ҳәм қадақлаў үскенелери (лазерли фотосепаратор) менен үскенеленген туқым таярлаў кәрханаларында қайта исленбекте.

2026-жылың зүрәәтинен туқымлық пахта жетистириў мақсетинде республикамыздың фермер хожалықлары арасында “E-urug” системасында тендер таңлаўы өткерилип, 9600 гектар майданға туқымлық пахта егиў нәзерде тутылмақта.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги