Олимпиада чемпионы спортшы жасларға тәжирийбе сабақларын өтти

10

Спорттың Аўыр атлетика түри бойынша Рио-2016 Олимпиада чемпионы  Руслан Нуриддинов республикамызда болып, тренер ҳәм спортшылар менен ушырасты. Өзиниң спорт тараўына қашан кирип келгенлиги ҳәмде жетискенликлери бойынша сәўбетлер өткерди.

Буннан соң ол өзиниң тәжирийбелери менен бөлисиў мақсетинде Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Шоманай районы спортшылары менен ушырасып, шеберлик сабағын өтти. Өткерилген илажларда  халықаралық тайпадағы спорт устасы, 5 мәрте Өзбекстан чемпионы, Азия чемпионы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаев та қатнасты.

Бул ушырасыўлардың тийкарғы мақсети жаслар арасында спортқа болған қызығыўшылықты және де арттырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм елимиздиң абырайын халықаралық майданларда мүнәсип қорғайтуғын келешек чемпионларын тәрбиялаўдан ибарат.

Ушырасыў даўамында чемпион спортшылар турмыслық тәжирийбелери, машақатлы мийнети арқалы ерисилген жетискенликлерин жаслар менен бөлисти. Бул болса жасларға үлкен мотивация дәреги болып хызмет етеди.

– Бундай имканиятлар жаратылған районнан бир неше Олимпиада чемпионы шығыўы шәрт,-деди олимпиада чемпионы Тақыятас районында жаңадан қурылған аўыр атлетика залында болып өткен мастер-класс пайытында жаратылған имканиятлар менен танысып.

Спортшы жаслар чемпионға өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды. Сондай-ақ, аўыр атлетика спорт түриниң өзине тән болған шынығыў усылларын чепионның орынлаўында гүўасы болып, өзлерине үлги алды. Бул ушырасыў республикамыздан алдағы ўақытларда дүньяға белгили чемпионлардың жетисиў шығыўына тийкар болары анық.

Мағлыўмат ушын; Р.Нуриддинов халықаралық тайпадағы спорт шебери, 10 мәрте Өзбекстан чемпионы, 5 мәрте Азия чемпионы, 3 мәрте жәҳән чемпионы, 2016-жыл Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен жазғы Олимпиада ойынларының алтын медал ийеси ҳәм рекордшысы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен спортшы.

Ол -105 кг ҳәм кейин ала -109 кг салмақ категорияларында Жәҳән көлеминдеги ең күшли атлетлерден бири сыпатында танылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги