Ипотека муғдары арттырылады, электромобильлер ушын жеңиллетилген кредитлер енгизиледи

24

Өзбекстанда халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм заманагөй транспорт қуралларын сатып алыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған жаңа реформалар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм быйылғы жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде ипотека ҳәм автокредитлер системасын жетилистириўге қаратылған пәрман жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Бул ҳүжжет халық ушын ипотека кредитлериниң муғдарын арттырыў, электромобильлер сатып алыўды хошаметлеў ҳәм кредит жүгин азайтыўға қаратылған анық механизмлерди өз ишине алады.

Пәрман жойбары 2026-жылы ипотека ҳәм автокредит системасын жетилистириў, соның ишинде, ислеп шығылған электромобильлер ҳәм турақ жайға кредит бериўди және де хошаметлеўге қаратылған кең көлемли илажлардан ибарат. Жойбар мәмлекет экономикасы ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

Президенттиң басламасы менен ипотека кредитлериниң муғдары сезилерли дәрежеде арттырылмақта. Ташкент қаласында бир квартира ушын ажыратылатуғын ипотека кредитиниң муғдары 480 миллион сумға шекем жетеди. Аймақларда болса бул муғдар 380 миллион сумға шекем белгиленеди.

2026-жылы жәми 23 триллион сум муғдарында ипотека кредитлериниң ажыратылыўы режелестирилген болып, бул мәмлекетлик бюджет, коммерциялық банклер ҳәм арнаўлы қаржыландырыў компаниялары есабынан әмелге асырылады.

Ипотека кредитлери менен байланыслы субсидиялар да арттырылады. Процент төлемлериниң бир бөлеги ҳәм дәслепки төлем бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланыўы белгиленген. Бул пуқаралар ушын турақ жай сатып алыўды және де қолайлы етеди.

Жойбар шеңберинде экологиялық таза транспортты хошаметлеў мақсетинде төмендеги жаңаланған механизмлер енгизиледи. Электромобиль сатып алыў ушын 12 процент ҳәм 16 процентлик кредитлер бериледи. Жергиликли электромобильлер ушын 12 процент, импорт етилген электромобильлер ушын болса 16 процентлик кредитлер бериледи.

Бул кредитлер бойынша банклерден алынған проценттиң жоқары бөлеги мәмлекет тәрепинен субсидияланады, яғный пуқараларға қарызды төлеў жеңиллестириледи.

Электромобильлерди қуўатлаў станцияларын қурыў ушын исбилерменлерге 10 процентлик мақсетли кредитлер ажыратылады. Бул станцияларды шөлкемлестириў, энергия системасына жалғаў ҳәм хызмет көрсетиў ушын қосымша субсидиялар ҳәм жеңилликлер белгиленеди.

Буннан тысқары, электромобильлер базарын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде мәмлекетте жоқары экологиялық стандартларға тийкарланған инфраструктура жаратыў режелестирилген.

 

ӨзА