Халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған жумыслар додаланды

37

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен танысыў мақсетинде Бозатаў районына барды.

Республикамыз басшысы ең дәслеп, Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынында интенсив бағ жаратыў жойбары ҳәм Қусханатаў елатында жайласқан тоғай хожалығының нәлханасын көзден өткерди. Буннан соң Бозатаў санаториясында халықты саўалландырыў бойынша халыққа көрсетилип атырған хызметлер менен жақыннан танысып, жаңа санаторияның имканиятларынан толық пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, районда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў барысында Бозатаў посёлкасындағы «Бозатаў текстиль» кәрханасы тәрепинен тигиў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў, «Кенжебек Дәўлетяр» ЖШЖ тәрепинен хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў орайын шөлкемлестириў, буннан тысқары, исбилерменлер ушын зәрүр инфраструктура жаратыў арқалы саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин иске түсириў жойбарлары үйренилди. Исбилерменлердиң бул жумысларын раўажландырыўы ушын оларға жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, «Бердақ гүзары» көшеси бойында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайдың қурылыс барысы да көзден өткерилип, жумысларды сапалы ҳәм өз ўақтында питкериў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.

Усылар менен бир қатарда, Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жылытыў системасы жумысларының  да республикамыз басшысының итибарынан шетте қалмады.

Буннан соң, район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўылларда халықтың күнделикли турмысы менен байланыслы машқалаларды тыңлаў алыў мақсетинде, аймақ нуранийлери ҳәм көше бийлери менен пикирлести.

Соңынан район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Оған район басшылары, депутатлар ҳәм аймақтағы мәкеме-шөлкемлердиң баслықлары қатнасты. Мәжилисте республикамыз басшысы тәрепинен аймақтың турмыслық шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалардың орынланыў барысы сын көзқараста көрип шығылды.

Атап айтқанда, аймақта орын алған мәселелерди шешиў бойынша районда барлық имканиятлар бар екенлиги, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, оларға зәрүрли мүмкиншиликлер жаратып берилгенине қарамастан, айырым орынларда артта қалыўшылықларға жол қойылып атырғанлығы қатаң сынға алынды.

Соның ишинде, халықтың тиккелей кеўил-кейпиятына тәсир етиўши машқалаларды шешиў бағдарындағы ишки жолларды оңлаў, жағдайы аўыр елатларды абаданластырыў, қурылыс тараўы, кәмбағаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен бирге ислесиў сыяқлы бир қатар мәселелерде кемшиликлерге жол қойылмақта. Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар, жол қойылған кемшиликлер көрсетип берилди.

Өткерилген мәжилис даўамында жедел ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, жуўапкер басшыларға анық тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлаўда кемшиликлерге жол қойғаны ушын 5 лаўазымлы шахстың лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў тапсырылып, 6 лаўазымлы шахсқа интизамий жаза шарасы қолланылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги