Регионаллық турақлылық ҳәм интеграцияға қарай стратегиялық бирге ислесиў

21

Географиялық жайласыўы, экономикалық ҳәм мәдений потенциалын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан ҳәм Пакистан бүгин Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы әҳмийетли байланыстырыўшы буўын сыпатында көринбекте. Регионаллық қәўипсизлик ҳәм логистика архитектурасы өзгерип атырған бир шараятта, бул бирге ислесиў тек ғана еки мәмлекет емес, ал пүткил регионның турақлы раўажланыўына хызмет етпекте.

Пайтахтымыздағы Орайлық Азия халықаралық институтында “Өзбекстан – Пакистан: регионлар арасында көпирлер қурыў арқалы бирге ислесиўдиң жаңа имканиятларын жаратыў” атамасында әҳмийетли дөгерек сәўбети болып өтти. Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистан Ислам Республикасына болажақ мәмлекетлик сапары алдынан шөлкемлестирилип, еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти мазмун жағынан байытыўға қаратылған экспертлик сөйлесиўи ушын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарды.

Пакистанның мәмлекетимиздеги елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажда тийисли министрликлер, исбилермен топарлар, аналитикалық орайлар ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Кейинги жыллары еки дос үлке қатнасықлары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, 2021-жылы стратегиялық шерикликтиң рәсмийлестирилиўи еки тәреплеме байланыслардың сапа жағынан жаңа дәрежеге шыққанынан дерек береди. Бүгин бул бирге ислесиў жедел сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық байланыслардың кеңейиўи, инвестициялар ағымының артыўы ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўдың жеделлесиўи менен ажыралып турыпты.

Әсиресе, 2025-жыл февраль айында Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң елимизге рәсмий сапары бул процесске күшли пәт бағышлады. Сапар етиў шеңберинде саўда, транспорт, илим ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм қәўипсизлик тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Тәреплер өз-ара саўда көлемин 2 миллиард АҚШ долларына жеткериў бойынша анық мақсетлерди белгилеп алды.

Бул бағдарда Преференциал саўда келисими шеңберинде товарлар дизимин кеңейтиў, бажыхана ҳәм фитосанитариялық тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, электрон саўда платформаларын интеграциялаў ҳәм банклер аралық есап-санақ механизмлерин жетилистириў сыяқлы илажлар үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өткен жылдың жуўмақларына бола, өз-ара саўда көлеминиң 400 миллион АҚШ долларына жеткени Пакистанның Өзбекстан ушын әҳмийетли сыртқы саўда шеригине айланып атырғанын көрсетеди.

Экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў жолында Карачиде “UzbekPak International Trading Centre” саўда үйи ҳәм “UzbekPak Cultural Centre” мәденият орайының ашылыўы әҳмийетли институционаллық қәдем болды. Бул майданлар тек ғана санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин алға қойыў емес, ал халықлар арасындағы мәдений жақынлықты беккемлеўге де хызмет етпекте.

Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў Өзбекстан – Пакистан байланысларының және бир тийкарғы бағдары болып есапланады. “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” трансаўған темир жолы жойбары Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын стратегиялық транспорт коридоры сыпатында үлкен потенциалға ийе. Сондай-ақ, Ташкент ҳәм Карачи арасында авиажүк тасыўларды раўажландырыў, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў бойынша ерисилген келисимлер де әмелий әҳмийетке ийе болмақта.

Дөгерек сәўбетинде мине усы әҳмийетли мәселелер додаланып, стратегиялық шерикликтиң жаңа сапа басқышына байланыслы көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм саўда, транспорт, билимлендириў, илим, мәденият ҳәм туризм тараўларында анық басламаларды алға қойыў ушын әҳмийетли имканият жаратты. Әнжуман шеңберинде Өзбекстан ҳәм Пакистанның аналитикалық, илимий ҳәм исбилермен топарлары арасындағы байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, дөгерек сәўбети шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиў күн тәртибине киргизиў ушын әмелий усыныслар ислеп шығылып, Пакистанның Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўге қаратылған жаңа басламалар алға қойылды.

Өткир АЛИМОВ, 

ӨзА хабаршысы