Мүрәжатта «Инсан қәдири» принципи

Мүнәсибет
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында әдалатлы суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформаларға турақлы түрде үлкен итибар қаратылған. Президентимиздиң ҳәр бир Мүрәжатында мәмлекетимиз турмысының ҳәр бир тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы ири басламалар алға қойылыўы ҳәм келеси жыллардағы ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша режелер усынылады.
Мәмлекетимиз басшысы өткен тоғыз жыл даўамында нызам үстинлигин беккемлеў бағдарында үлкен жол басып өтилгенин ҳәм 2026-жыл барлық тараўлар қатарында суд системасында да түпкиликли бурылыс жылы болатуғынын атап өтти.
Президентимиздиң бул Мүрәжаты 2026-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама ушын тийкар болып хызмет етеди ҳәм онда судлардың еркинлигин буннан былай да күшейтиў бойынша анық механизмлер белгиленетуғыны күтилмекте.
Мүрәжатта белгиленген суд-ҳуқық системасындағы тийкарғы бағдарлар етип “Бир суд – бир инстанция” принципи айрықша апат өтилип, бул принциптиң енгизилиўи нәтийжесинде бир судта ис бир неше инстанцияда көрилиўине шек қойылды. Бул болса суд қарарларының әдиллигин ҳәм сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
Судьялардың ҳәкимшилик, экономикалық, жынайый ҳәм шаңарақлық ислер бойынша қәнигелесиўи және де тереңлестирилмекте. Бул белгили бир тайпадағы жумысларды көриў сапасын арттырыўға қаратылған.
Суд системасына заманагөй санлы технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллект тийкарында ислерди әдил бөлистириў ҳәм суд ҳүжжетлерин автоматластырыў системалары кеңнен енгизилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы әдил судлаў процесин «санлы суд» концепциясы тийкарында шөлкемлестириўге кирисилгенин айрықша атап өтти. Ҳақыйқатында да, суд тараўына санлы технологиялардың кеңнен енгизилип атырғаны пуқаралар ҳәм исбилерменлерге оғада үлкен қолайлықлар жаратты. Судқа онлайн мүрәжат етиў, судта онлайн қатнасыў, онлайн хабарнама алыў, онлайн мәсләҳәттен пайдаланыў сыяқлы қолайлы усыллар адамлардың қаржысы, ўақтын үнемлеўге жәрдем бермекте.
Енди тергеўди де санластырыў арқалы инсан ҳуқықлары қорғалыўының күшейттирилиўи мүрәжатта атап өтилди. Онда жынаят ҳаққындағы арзаны қабыл етиўден баслап, исти судқа өткериўге шекемги басқышларға жасалма интеллект технологиялары енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқартылады.
Елимизде тергеў судьялары жумыс баслағаны – халықаралық тән алынған “Хабеас корпус” институтын қолланыўдың гезектеги әҳмийетли басқышы болды. Тергеў судьяларына санкция ҳәм мәжбүрлеў шараларын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ўәкилликлери де бериледи. Әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм роли арттырылады.
Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, олардың жумысына араласыўдың алдын алыў мақсетинде Судьялар жоқары кеңеси сыяқлы конституциялық уйымлар дүзилди. Суд мәжилислериниң ашық-айдынлығы ҳәм суд қарарларының жәрияланыўы тәмийинленбекте.
Прокуратура уйымларының жазалаў уйымынан пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеўге жәрдем беретуғын структураға айланыўына итибар қаратылмақта.
«Инсан қәдири» принципи барлық реформалардың орайында турып, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Суд қарарларының өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған илажлар даўам еттирилмекте.
Нызам үстинлиги ҳәм пуқараларды қорғаўда Президентимиз Өзбекстанда пуқаралар, исбилерменлер ҳәм инвесторларды ҳәр қандай жағдайда исенимли қорғайтуғын мәмлекет, Конституция ҳәм нызамлар бар екенлигин айрықша атап өтти.
Жынайый топарларға қарсы гүресиў бағдарында болса өзин нызамнан үстин қоятуғын, исбилерменлерге басым өткеретуғын жынайый топарлар ҳәм “көше” элементлериниң жумысына суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен қатаң шек қойылатуғыны, буның ушын мәмлекеттиң күш-қүдирети жетерли екени билдирилди.
Суд ҳәм ҳуқық системасының алдына ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлық жағдайлары бойынша қатаң қадағалаў орнатыў ҳәм бундай жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
Бул реформалар Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм ҳақыйқый әдиллик орнатылған жәмийет қурыў, пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттырыўға хызмет етпекте.
Булардың барлығы әдил судлаўға ерисиўге, жәмийетте әдиллик орнаўына, пуқаралардың бузылған ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң тиклениўине хызмет етеди.
Гулмира АРЗИЕВА,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги