Өзбекстан бажыхана тараўы хызметкерлерине

Ҳүрметли бажыхана уйымлары хызметкерлери!
Қәдирли сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар!
Ҳүрметли ветеранлар!
Сизлерди 26-январь – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Ғәрезсизлик жылларында бажыхана уйымлары мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын сақлаўда мәмлекеттиң исенимли таянышы болып келмекте.
Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстан шараятында бажыхана уйымлары заманагөй, ашық ҳәм нәтийжели системаға айланып, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.
Сизлердиң билим ҳәм тәжирийбеңиз, кәсиплик шеберлик ҳәм исенимиңиз мәмлекетимиздиң экономикалық турақлылығын беккемлеўге хызмет етпекте. Әсиресе, тараўды санластырыў, артықша бюрократия ҳәм инсан факторын азайтыў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиў бағдарындағы әмелий жумысларыңыз айрықша итибарға ылайық.
Тараўдағы түпкиликли реформалар себепли кейинги жылларда бажыхана рәсмийлестириўи ўақты 40 процентке қысқартылды, декларациялардың 20 проценти инсан факторысыз әмелге асырылмақта. 2025-жылы 76,2 триллион сум бажыхана төлемлери өндирилип, бул көрсеткиш 21 процентке артты ҳәм оның мәмлекетлик бюджет дәраматларындағы үлеси 25 процентке жетти.
Сондай-ақ, 1,2 триллион сумлық товарлардың нызамсыз айланысына шек қойылды. Қәўиплерди алдыннан таллаў нәтийжесинде 7 триллион сум, товарларды рәсмий импортқа тартыў арқалы қосымша 2,3 триллион сум бюджет қаржысы өндирилиўи тәмийинленди.
Соның менен бирге, 1,8 тонна нәшебентлик, 1,1 тонна психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамсыз айланысына шек қойылды. Жәҳән саўда шөлкеминиң талаплары тийкарында бажыхана тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды. Жәҳән бажыхана шөлкеми менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды. Жаңа Өзбекстан бажыханасының халықаралық абырайы артып бармақта.
Мәмлекетимиз бажыхана лабораториясы ҳәм кинология орайының регионаллық филиал статусына ийе болыўы, Бажыхана институтының “PICARD” бағдарламасы стандартлары тийкарында аккредитациядан өтиўи, бажыхана уйымымыздың усы шөлкемниң Аудит комитетиниң ағзалығына сайланыўы да соннан дерек береди. Бажыхана системасында билимли, интакер жас кадрлардың қатарының кеңейип атырғаны, олардың маман халықаралық экспертлер сыпатында тән алынып атырғаны қуўанышлы.
Қәдирли тараў ўәкиллери!
Бүгинги қыйын заманда экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, соның ишинде, келеси бес жылда “жасырын экономика” үлесин еки есеге қысқартыўда бажыхана уйымларының жумысын күшейтиў – әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болып кириўи мүнәсибети менен бажыхана системасының жумыс нәтийжелилиги ҳәм жуўапкершилигин түпкиликли арттырыў зәрүр.
Соның ушын тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў турақлы итибарымыз орайында болады. Бул даңқлы әййямда өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қаза болған мәрт ҳәм батыр хызметкерлердиң естелигин ҳүрмет пенен еслеп, олардың шаңарақлары ҳәм перзентлерине жақсы тилеклеримизди жоллаймыз.
Ҳүрметли бажыхана уйымлары хызметкерлери!
Ҳүрметли ветеранлар!
Сизлерди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы хызметиңизде жаңа жетискенлик ҳәм табыслар яр болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти