Дәстүрий медицинаның әҳмийети глобал көлемде артпақта

4

Малинали чай, хантал пластери жөтелди қалдырыўы, демлеп ишилген шөптиң шыпа бериўши күши көпшилигимизге балалықтан белгили.

Себеби, апаларымыз ҳәр дайым шыпакерге мүрәжат ете бермеген, керисинше ақлықларын халық медицинасы усылларынан нәтийжели пайдаланып емлеген. Ҳәзир заманагөй медицина раўажланған, ҳәр қыйлы аппаратлар инсанның қай жериниң аўырып атырғанын дәрҳал анықлап береди. Соған қарамастан, дәстүрий емлеўден де пүткиллей ўаз кешилмегенин Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) де тән алмақта. Жақыннан структура жуўапкерлери бул бағдардағы әўладтан-әўладқа өтип киятырған билимлерди қайта көрип шығыў басламасын алға қойды. Оған тийкар жетерли, себеби ЖДСШға ағза мәмлекетлердиң дерлик 90 процентинде халықтың салмақлы бөлеги дәстүрий медицинадан пайдаланады екен.

Жақында Жаңа Делиде Дәстүрий медицина бойынша ЖДСШ екинши глобал саммити болып өтти. Ҳиндстан ҳүкимети менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда 100 ден аслам мәмлекеттен министрлер, илимпазлар, жергиликли жетекшилер ҳәм әмелиятшылар қатнасты. Форумда ЖДСШның 2025-2034-жыллар ушын дәстүрий медицина бойынша глобаллық стратегияны әмелге асырыўды жеделлестириўге қаратылған ири илимий басламалар таныстырылып, жаңа миннетлемелер жәрияланды. Бул ҳүжжет дәлиллер базасын беккемлеў, тәртипке салыўды жетилистириў, денсаўлықты сақлаў системасына интеграциялаў ҳәм жәмәәтлерди бирге ислесиўге тартыўды нәзерде тутады.

Дәстүрий медицина заманагөй биологиялық медицина пайда болыўынан әдеўир алдын қолланылған ҳәм бүгинги күнде де раўажланбақта. Көпшилик ушын бирден-бир медициналық жәрдем усылына айланған бул система жергиликли дәрежеде бар, арзан ҳәм таныс. Қалаберди, көпшилик заманагөй медицинаға мүрәжат етиў имканияты болса да, денсаўлығын сақлаўда көбирек “тәбийий” қатнасты абзал көреди.

– Ҳақыйқатында да, инсаният мың жыллар даўамында арттырылған тәжирийбени заманагөй илим ҳәм технология имканияты менен бирлестириў ўақты әлле қашан келген, – дейди ЖДСШ бас директоры Тедрос Аданом Гебреесус.

Оның атап өтиўинше, “Жасалма интеллекттен геномикаға шекемги инновациядан пайдаланыў менен бирге жуўапкершиликли, әдеп-икрамлы ҳәм әдил қатнас дәстүрий медицина потенциалын ашып береди, ҳәр бир жәмийет, ҳәттеки планетамыз ушын қәўипсиз, ақыллы ҳәм турақлы денсаўлықты сақлаў шешимин усынады”.

Денсаўлықты сақлаў системасында барған сайын артып атырған машқалалар шараятында дүнья халқының дерлик ярымы ямаса 4,6 миллиард адам зәрүр медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятына ийе емес, шерек бөлеги, яғный 2 миллиардтан асламы финанслық қыйыншылыққа дус келмекте.

Дәстүрий медицинаны денсаўлықты сақлаў системасына интеграциялаў арзан, адамларға бағдарланған хызметтен пайдаланыў имканияты, универсал денсаўлықты сақлаў қамтып алыўын кеңейтиў ушын жүдә әҳмийетли. Онда ҳәр бир адам финанслық қыйыншылықсыз керекли жәрдемди ала алады.

Дәлиллер көрсетеди, усы қатнасық пулды үнемлейди, профилактика ҳәм денсаўлықты сақлаўды беккемлеўге қаратылған антибиотиктен ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында унамлы нәтийже бериўи мүмкин.

Нәтийжели интеграция беккем илимий тийкар, глобал сапа ҳәм қәўипсизлик стандарты және күшли тәртипке салыў системасын талап етеди.

– Биомедицина ҳәм дәстүрий медицинаны баҳалаў, тастыйықлаў процесинде де тап усындай илимий қатаңлық қолланылыўы керек, – дейди ЖДСШ бас илимпазы Силви Брианд. – Соның менен бирге, биологиялық көп түрлилик, мәдений сезимталлық ҳәм әдеп-икрамлылық принципине ҳүрмет етилиўи керек. Тығыз бирге ислесиў, алдынғы технология – мысалы жасалма интеллект, геномика, системалар биологиясы, неврология ҳәм алдынғы мағлыўматлар анализи дәстүрий медицинаны үйрениў, бул бағдардан пайдаланыў усылын өзгертиў имканиятына ийе.

Дәстүрий медицина дәрилик өсимликлер жетистириўди өз ишине алған тез раўажланып атырған глобаллық санаат тармағын қоллап-қуўатлайды. Барлық дәстүрий дәри ҳәм биомедициналық қураллардың ярымынан көби жаңа дәрилер жаратыў ушын әҳмийетли дерек болып қалмақта. Бул тәбийғый ресурслар менен байланыслы тәрепи.

Жергиликли халықлар дүнья биологиялық ҳәр түрлилигиниң шама менен 40 процентин сақлап қалады, тилекке қарсы, бул қатлам планетамыз халқының тек 6 процентин қурайды. Дәстүрий медицинаның раўажланыўы жергиликли халықлар ҳуқықы, әдил саўда принципи ҳәм пайда алмасыўы менен байланыслы.

Гүўасы болып атырғанымыздай, Жер шарында елеге шекем дәстүрий медицинадан кеңнен пайдаланылмақта. Демек, планетамыз халқының саламатлығын сақлаў, абаданлығын тәмийинлеў ушын тәбийғый ресурсларды сақлаў жүдә әҳмийетли. Соған қарамастан, ҳәзирги ўақытта бул тараўға глобал денсаўлықты сақлаў изертлеўлерин қаржыландырыўда тек ғана бир процент қаржы ажыратылмақта. Бул бослықты толтырыў ушын ЖДСШ Глобал дәстүрий медицина китапханасын иске қоспақта. Бул жойбар шеңберинде дәстүрий емлеў усылларын қолланыў бойынша изертлеў, сиясат, тәртипке салыў ҳәм ҳәр қыйлы темаларға байланыслы топламларды қамтып алған 1,6 миллионнан аслам басылым бар.

Қулласы, дәлиллерге тийкарланған зәрүрлик сыпатында дәстүрий медицинаны раўажландырыў ҳүкиметлер дәрежесинде қоллап-қуўатланыўы шәрт.

С.Раҳимов, ӨзА