Ақаба суў системасы жаңаланбақта

62

2023-2027-жылларда Жǝҳǝн банки қатнасыўында 78 миллион долларлық «Нөкис қаласы, Тақыятас ҳǝм Хожели районлары орайларында ақаба суў системасын реконструкциялаў» жойбары шеңберинде 286 километр канализация тармақлары объектлеринде қурылыс жумысларын алып барыў нǝзерде тутылған.

Жақында усы жойбар шеңберинде Нөкис қаласының канализация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына старт берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды халқымыз турмысында әҳмийетли орын тутатуғын ўақыялардан бири болған жаңа жойбардың басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өткен жылдың өзинде 87 миллиард сум қаржы есабынан Нөкис қаласындағы суў тазалаў объектинде реконструкциялаў жумыслары ǝмелге асырылып, пайтахтымыз халқын таза ишимлик суўы менен қамтып алыў дǝрежеси 81 проценттен дерлик 100 процентке жеткерилген еди. Қалаберди, Əмиўдǝрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат ҳǝм Нөкис районларында ҳǝзирги ўақыттта Азия раўажланыў банкиниң 145 миллион долларлық қаржылары есабынан ишимлик суў тǝмийнатын жақсылаў жойбарлары алып барылмақта. Усындай ийгиликли илажлардың даўамы сыпатында Жǝҳǝн банкиниң проекти бойынша 78 миллион доллар қаржыны өзлестириў арқалы Нөкис қаласы, Тақыятас ҳǝм Хожели районларында канализация тармақлары ҳәм объектлеринде ири қурылыс жумыслары алып барылады.

Мағлыўматларға қарағанда, Нөкис қаласы халқының канализация хызмети менен тǝмийинлениў дǝрежеси 27,6 процентти қурайды. Ақаба суў хызметин көрсетиў ушын бүгинги күнде қуўатлылығы 65 мың куб метрли болған ақаба суў тазалаў объекти, 23 канализация насос станциялары (КНС), көтерип бериў насос станциясы (СП) ҳǝм улыўма узынлығы 151,8 километрли ақаба ҳǝм басымлы суў тармақлары жумыс алып бармақта.

Бирақ, бул канализация тармақларының иске түсирилгенине ярым ǝсирден асқан. Өткен ǝсирдиң 60-70-жылларында қурылған тармақлар менен станциялар өзиниң хызмет мүддетин өтеп болған. Атап айтқанда, бар болған 151,8 километр ақаба суў тармақларының 56,9 километри яғный 37,4 проценти, 23 канализация насос станциясының 17 си, яғный 73,9 проценти оңлаўға мүтǝж.

Нөкис қаласындағы А.Досназаров көшеси бойлап, Т.Шербеков көшесинен СП-1А объектине шекем болған аймақта D=1000 миллиметр болған 820 п/м темир-бетон өзи ағар ақаба суў тармақлары өткен ǝсирдиң 66-жылында пайдаланыўға қабыл етилген болып, бүгинги күнде тармақ қанаатланарлы жағдайда. Бул ақаба суў тармақлары А.Досназаров көшесинде асфальт қапламасының астында 2-4 метр тереңликте жайласқан.

Нөкис қаласының канализациясын жаңалаў мақсетинде басланып атырған жойбар шеңберинде 193,5 км канализация тармақлары ҳәм 25 насос станциясының қурылыс жумыслары басланбақта. Қурылыс жумыслары 2 жыл даўамында толық орынланып пайдаланыўға тапсырылыўы белгиленген. Жойбардың толық жуўмақланыўы нǝтийжесинде Нөкис қаласы халқының ақаба суў хызмети менен қамтып алыў дǝрежеси ҳǝзирги 27,6 проценттен 46 процентке жеткерилиўи нǝзерде тутылған.

Ақаба суў тармақлары ҳǝм объектлерин реконструкциялаў ҳǝм кеңейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 21-сентябрьдеги тийисли қарарына муўапық, Жǝҳǝн банки менен шǝртнама дүзилип, бүгинги күнде жойбарды ǝмелге асырыў бойынша Германияның «CES Consulting GmbH» ҳǝм Австрияның «Posch & Partner GmbH» компаниялары консультант етип тайынланды. Ҳǝзирде 2,54 миллион долларлық 7 шǝртнама дүзилип, 5 қурылыс пакети шеңберинде жойбар-смета ҳүжжетлери таярланды ҳǝм халықаралық тендер саўдаларына қойылды. Тендер саўдаларында жеңимпаз болған бир қанша жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер менен ҳǝзирде шǝртнамалар дүзилмекте.

– Усы системада 40 жыл жумыс илеген болсам, соннан 38 жылын Нөкис қаласында Канализация бөлиминиң баслығы сыпатында жумыс атқардым, -дейди нураный Алламберген Яппарбергенов. – Бизлер жумыс ислеген ўақытларда СП 1, СП 2 ҳǝм СП 10 жǝми 3 көтерип бериў насос станциясы, 21 сооружение бар еди. Басымлы канализация тармақларының узынлығы 132 километр, ақаба канализация тармақлары 136 метр еди. Бүгин ири көлемли жойбардың старт берилиўине гүўа болып атырғанымнан қуўанышлыман. Тараўда енгизилген жаңа техникаларды, жаратылған шараятларды көрип қайтадан жумыс ислеўге ғайратымыз артты.

–  Халықаралық тендер саўдаларына бола кәрханамыз жеңимпаз болып, Нөкис қаласындағы 30 километрли ақаба суў тармағын реконструкциялаў ҳәм жаңадан қурыў жумысларын әмелге асырыў ушын шәртнама дүзилди, – дейди «MJN House» жумысты бөлип алып ислеўши жеке фирмасының бас инженери Максим Крамаренко. – Шәртнама бойынша 4 канализациялық насос станциясының қурылысы, коллектор тармағы, турақ жайларды ҳǝм мǝҳǝллелер аралық ақаба коллекторларын жалғаў жумыслары ǝмелге асырылмақта.

Жақын күнлерде Хожели ҳәм Тақыятас районларында да усы қарар шеңберинде канализация тармақларын жаңалаў жумыслары басланады.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы