Европа жәҳән чемпионатын бойкот етиў идеясын додаламақта

Келеси жазда Америка Қурама Штатларында болып өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатын бойкот етиў идеясы Гренландия бойынша тартыс ўақтында Европада қызғын додалаў темасына айланды, деп жазады “Economist” басылымы.
2026-жылғы мундиалда биринши мәрте 48 команда қатнасады ҳәм биринши мәрте жарыс үш мәмлекет – АҚШ, Мексика ҳәм Канадада өткериледи. Турнир 11-июнь-19-июль күнлерине белгиленген.
2028-жылғы Жазғы Олимпиада ойынларына болса Лос-Анжелес басшылық етеди.
– Брюссельдеги кейпият ҳәзир, Гренландиядағы жағдайды есапқа алғанда, оғада төмен, – деп атап өткен мақала авторы. – Жәҳән чемпионатын бойкот етиў ҳаққында гәп-сөзлер бар… Бул АҚШ тәрепинен 1980-жили бойкот етилген Москва Олимпиадасын еслетиўши жағдай.
Сондай-ақ, европалылар Қурама Штатларға “жуўап бериўге қарар етсе”, жағдай және де жаманласыўы мүмкин екени де атап өтилген.
Алдынырақ, Президент Дональд Трамп НАТО Бас хаткери Марк Рюттеге қоңыраў етип, оның менен Гренландия мәселесин додалаған.
Сондай-ақ, Давоста Гренландия мәселеси бойынша түрли тәреплер менен ушырасыў өткериўге келисим бергенин айтқан еди.
Гренландия Дания Патшалығының бир бөлеги, бирақ Америка жетекшиси атаў АҚШ қурамына кириўи керек екенлигин бир неше мәрте атап өткен. Дания ҳәм Гренландия рәсмийлери Вашингтонның атаўды ийелеў пикиринен қайтарыўға урынып, аймақлық пүтинлик принципине ҳүрмет көрсетилиўи керек екенлигин атап келмекте.
С.Раҳимов, ӨзА