Жаслар менен ашық пикирлесиў – келешек раўажланыўының гиреўи

12

Соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып, усы тийкарда олардың өз қәбилетин жүзеге шығарыўы, терең билим ийелеўи, озық ойлы ҳәм ана Ўатанымызға садық хызмет ететуғын пидайы инсанлар болып камалға келиўине барлық имканиятлар жаратылмақта. Бул бағдарда орынларда басшы ҳәм жаслар ушырасыўлары шөлкемлестирилип, олардың тилек-өтинишлерин тыңлаў жумыслары системалы түрде жолға қойылған.

Усындай ушырасыўлардың бири Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри генерал-лейтенант Азиз Ташпулатовтың Қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасыўы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға соның ишинде, қарақалпақстанлы жасларға болған айрықша итибары ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ашық-айдын пикирлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда жаслар өзлериниң елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет ететуғын бир қатар жаңа идеялары ҳәм басламаларын билдирди. Илажда билдирилген барлық пикирлер есапқа алынып, атап өтилген машқалаларға өз орнында шешим табыў илажлары көрилди ҳәм жаслардың барлық ийгиликли басламалары қоллап-қуўатланатуғынлығы айрықша тилге алынды.

Өткерилген ушырасыў даўамында елимизде ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында белсендилик көрсетип атырған бир қатар жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги