“Өзбекстан – 2030” стратегиясы бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди

8

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған нәўбеттеги Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди.

Илаждың тийкарғы мақсети мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, өткен дәўир даўамында ерисилген анық нәтийжелер, өнимдарлық көрсеткишлери, сондай-ақ, оны жетилистириў зәрүрлиги ҳәм келеси бес жыллық раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелериниң жәмәәтлери арасында кең түрде түсиндириў ҳәм ашық додалаўлар өткериўден ибарат болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Алмагүл Байрыева, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында Президент Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм оның тийкарында жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпалары кеңнен түсиндирилди. Атап өтилгениндей, бул стратегия мәмлекеттиң орта мүддетли раўажланыў жолын белгилеп берип, экономиканы раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, мәмлекетлик басқарыўды санластырыў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпаларды өз ишине алады.

Сондай-ақ, илаж даўамында стратегия шеңбериндеги билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимди қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм композит тәризде көрсетиў арқалы бюрократиялық тосықларды сапластырыў ҳәм пуқаралар ушын қолайлықларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы мақсети “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек” деген принципти әмелий мазмун менен байытқан ҳалда, мәмлекеттиң орта мүддетли раўажланыў жолын және де тәсиршең, нәтийжеге бағдарланған ҳәм есап бериўши система тийкарында даўам еттириўден ибарат, – деп атап өтти депутат А.Байрыева.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар “Өзбекстан – 2030” стратегиясын жетилистириў, оны халықтың мәплерине және де жақынластырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги