“Мәҳәллениң исбилермен ҳаялы” анықланды

Ҳаял-қызлардың исбилерменлик пенен шуғылланыўын қоллап-қуўатлаў, олардың бизнес басламаларын хошаметлеў ҳәм жәмийеттеги экономикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде ӨзЛиДеП тәрепинен “Мәҳәллениң исбилермен ҳаялы” жойбары шеңбериндеги таңлаўдың быйылғы мәўсимине рәсмий старт берилди.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар қанаты ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан “Наўқан бағ” мәкан пуқаралар жыйынында таңлаў болып өтип, онда мәҳәлледе хызмет көрсетип атырған исбилермен ҳаял-қызлар өзлериниң әмелге асырған бизнес жойбарлары, қол мийнети ҳәм өндириске қаратылған басламалары менен қатнасты.
Қатнасыўшылар төрешилер қурамына өз искерлиги, ерискен нәтийжелери, өнимниң сапасы ҳәм көлеми, сондай-ақ, келешектеги реже ҳәм мақсетлери ҳаққында толық мағлыўмат берди. Төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың белсендилиги, инновациялық көзқарасы ҳәм жергиликли базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарып атырғаны айрықша атап өтилди.
Таңлаў нәтийжелерине муўапық, Меҳрибан Утемуратова 1-орын жеңимпазы деп табылды. Ол 2023-жылдан берли ярым таяр азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги күнде күнлик 50-80 килограмм көлемде 11 түрдеги ярым таяр өнимлерди таярлап, жергиликли азық-аўқат дүканларына жеткерип бермекте. Меҳрибанның искерлиги мәҳәлледе жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты сапалы ҳәм қәўипсиз азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Сондай-ақ, таңлаўда өнермент Айгүл Койшыбаева қол мийнети тийкарында ҳәр қыйлы себет өнимлери менен, Роза Нурышова миллий кийимлер тигиў бағдарындағы мийнетлери менен, Гүлзада Есимбетова болса пиллешилик тараўындағы нәтийжели мийнети менен қатнасты. Олардың ҳәр бири өз бағдарында жергиликли өнерменшиликти сақлаў ҳәм раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып келмекте. Төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың белсендилиги, инновациялық көзқарасы ҳәм жергиликли базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарып атырғаны айрықша атап өтилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылардың бизнес идеялары, дөретиўшилик көзқарасы ҳәм мәҳәлледе исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған жумысы жоқары баҳаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги