Пайтахтымызда электробуслар хызмет көрсете баслады

Жақында Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт хызметин раўажландырыў мақсетинде «Сапсан Транс Нөкис» кәрханасы тәрепинен Қытай мәмлекетинен 24 млрд. сумлық қаржы есабынан 12 электробус алып келинген еди.
Бүгин 23-январь күни саат 08:00 ден баслап Нөкис қаласында эксперимент тәризде жолаўшыларға хызмет көрсетиўди баслады. Атап айтқанда, 1А-санлы электробус “Темир жол вокзал-Нөкис арқа батыс автовокзал”, 10А-санлы электробус “Қызкеткен елаты-Саманбай елаты” (Досназаров көшеси арқалы) ҳәм 24А-санлы электробус “Нөкис арқа батыс автовокзал-Әскерий прокуратура” жөнелислери бойынша ҳәрекет етип, халқымыздың алғысына миясар болмақта.
– Бул электробуслар ўақытша қойылған жөнелислер болып, ҳәзирги ўақытта ҳаўа райының кескин суўытыўына байланыслы жолаўшыларды өз мәнзиллерине тез жеткериў мақсетинде, ҳәзирше ҳәр жөнелиске 4 электробус жолаўшыларға хызмет көрсетпекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң баспасөз хаткери Заҳийда Қалжанова. – Алдағы ўақытлары да пайтахтымызда усындай заманагөй электробусларды көбейтип, халқымыздың транспорт хызметине деген талабын қанаатландырыў мақсетинде, министрлигимиз тәрепинен сырт ел компаниялары менен сөйлесиўлер жүргизилип, бул бағдарда жумыслар алып барыла бериле береди.


Әлбетте, исленип атырған бундай ийгиликли ислер халқымыздың мүшкилин жеңиллетиў менен бирге, көшелерде автотранспортлардың тығылысын азайыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы