Университеттиң халықаралық майдандағы абырайы артып бармақта

Бүгин елимизде жоқары оқыў орынларының сырт еллер менен байланысты беккемлеў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўы жақсы жолға қойылмақта. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де халықаралық байланысларды беккемлеў бойынша сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте бир қатар жумыслар алып барылмақта. Биз университеттиң халықаралық байланыслар бойынша проректоры, экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD), доцент Тимур Нурымбетовқа оқыў орынында усы бағдарда алып барылып атырған жумыслар бойынша сораўлар менен мүрәжат еткен едик.
-Университетте халықаралық байланысларды беккемлеў ҳәм оларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?
– Университетимизде халықаралық байланысларды беккемлеў ҳәм оларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша мақсетли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, университет сырт елдеги жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў институтлары, халықаралық уйымлар ҳәм компаниялар менен меморандумлар дүзилген. Бул меморандумлар тийкарында студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың академиялық мобиллигин кеңейтиўге, қоспа тәлим бағдарламаларын дүзиў ҳәм биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған.
Университет профессор-оқытыўшыларының халықаралық грант жойбарларына қатнасыўы, абырайлы халықаралық журналларда илимий мақалалар жәриялаўы, халықаралық конференция, семинар ҳәм воркшопларда белсенди қатнасыўы қоллап-қуўатланбақта. Бул университеттиң халықаралық рейтинглерде (QS, THE) жақсы көрсеткишлерге ерисиўине тийкар болмақта.
Халықаралық байланыслар шеңберинде сырт еллердеги студентлерди университетке қамтыў, оқыў бағдарламаларының инглис тилинде алып барылыўы, заманагөй лабораториялар ҳәм илимий орайларды шөлкемлестириў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
-Халықаралық грант ҳәм инвестицияларды тартыў мәселелери бойынша исленип атырған жумыслар бойынша айтып өтсеңиз?
– Бул бағдарда университетимизде бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, халықаралық шөлкемлер есапланған, KOIKA, JICA, GIZ ҳәм басқада халықаралық шөлкемлер менен тығыз байланыс орнатылған болып, бүгинги күнде бир қанша сырт ел шөлкемлери менен жойбарлар үстинде жумыс ислеп атырмыз. Мысал ретинде айтатуғын болсақ, Қытайдың SINOWAY FOREST компаниясы менен пилот жойбары үстинде жумыс алып барып атырмыз. Бул жойбардың тийкарғы мақсети Қарақалпақстандағы шөл зоналарды көклемзарластырыў болып есапланады. Нөкис әтирапында 1 гектар кумлы жерди тәжирийбе майдан ушын алып, бул жерде жергиликли шөлге шыдамлы өсимликлерди ҳәм Қытай методы тийкарында сол мәмлекеттен алып келинген өсимликлерди өсириў болып табылады.
Буннан тысқары Германияның NetSCI илимий шөлкеми менен биргеликте Өзбекстан бойынша университетимизде UZGEB орайы ашылды. Бул орай Германияның дүньяға белгили болған алымлары менен биргеликте Қарақалпақстан аймағында биокөптүрлиликти сақлап қалыў ҳәм экологиялық жойбарларда бирге ислесиўге арналған илимий орай хызметин алып барады.
-Халықаралық бирге ислесиў шеңберинде сырт еллердеги абырайлы оқыў орынлары менен байланысларды орнатыў, бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?
– Биз бүгинги күнде сырт еллердеги 100 ге жақын абырайлы оқыў орынлары менен шәртнамалар дүзгенбиз. Соның ишинде ең тығыз байланыста ислеп атырған Түркия, Қазақстан, Қытай, Россия, Беларусь университетлери менен шәртнамалар дүзилген. Университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер жоқарыда келтирип өтилген мәмлекетлерге тәжрийбе алмасыўға, қәнигелигин арттырыўға жиберилип келинбекте.
– Оқытыўшылардың ҳәм студентлердиң сырт мәмлекетлерде билимлерин жетилистириўи ҳәм олардың жумыс ислеўи бойынша қандай имканиятлар жаратылған?
– Университет сырт ел компаниялары ҳәм кәрханалары менен бирге ислесиўди раўажландырып, студентлердиң оқыў процесинен кейин сырт еллерде әмелият өтеўи ҳәм жумыс ислеўи ушын платформалар жаратпақта. Халықаралық кәсипке бағдарлаў, CV ҳәм мотивациялық хат таярлаў бойынша тренинглер, воркшоплар да шөлкемлестирилип келинбекте. Студент-жаслардың жазғы дем алыс дәўиринде сырт елде тәжрийбелерин арттырыў ушын университетимизде “Work and Travel” бағдарламасы жолға қойылған болып, 2025-жылы усы бағдарламаға 350 студенттиң қатнасы тәмийнленди.
Жәнеде 100 ге жақын студентлердиң сырт ел университетлерине академиялық мобиллиги тәмийнленди. Соннан грант тийкарында:
- Словакияның миллий гранты NSP (National Scholarship Programme)-18 студент.
- Қытай стипендиясы (Scholarship for foreigners)- 5 студент
- Қытай Ланжоу жазғы мектеби – 9 студент.
- Венгрияның Stipendium Hungaricum гранты – 2 студент.
- “Эрасмус+” бағдарламасында – 5 студент.
- «Эл-юрт умиди» фонды арқалы Англияның жоқары оқыў орынларына 5 студент-жаслар грант жеңимпазы болды.
2025-жылы сырт елдеги ТОП 300 жоқары оқыў орынларында қәнигелигин арттырған профессор-оқытыўшылардың саны 200 ге жетти.
-Халықаралық байланысларды беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери қалай болмақта? Университет абырайлы халықаралық рейтинглерде қандай көрсеткишлерге ериспекте?
– Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде халықаралық байланысларды беккемлеў бойынша алып барылып атырған системалы жумыслар өз нәтийжелерин бермекте ҳәм университеттиң халықаралық майдандағы абырайы избе-изликте артып бармақта.
Атап айтқанда, сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлары менен орнатылған бирге ислесиўлери нәтийжесинде профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң академиялық мобиллиги артты, биргеликтеги илимий жойбарлар саны көбейди, сондай-ақ, халықаралық грантлар көлеми кеңейди. Университет оқытыўшылары абырайлы Scopus ҳәм Web of Science базаларына кириўши журналларда илимий мақалалар жәриялаўды күшейтти, бул болса илимий потенцал көрсеткишлериниң өсиўине тийкар болмақта.
Халықаралық бирге ислесиў шеңберинде оқыў бағдарламаларының сапасы жақсыланып, бир қатар пәнлер инглис тилинде оқытыла баслады. Сырт елдеги студентлер санының артыўы ҳәм халықаралық профессорларды оқыў процесине тартыў университеттиң академиялық орталығын интернационалластырыўға хызмет етпекте.
Әмелге асырылып атырған бул жумыслар нәтийжесинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети абырайлы халықаралық рейтинглер – QS World University Rankings ҳәм Times Higher Education (THE) рейтинглериниң тийкарғы индикаторлары бойынша өз позициясын беккемлемекте. Атап айтқанда:
-академиялық абырай (academic reputation);
-илимий изертлеўлердиң сапасы ҳәм цитировкаланыўы;
-халықаралық профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң үлеси;
-билим бериў процесиниң сапасы;
-халықаралық бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги басылымлар көрсеткишлери бойынша унамлы динамика бақланбақта.
Сондай-ақ, университет THE Impact Rankings шеңберинде Турақлы раўажланыў мақсетлерине (SDGs) үлес қосыў бойынша өз жумысларының көлемин кеңейтип, экология, сапалы билимлендириў, инновация ҳәм регионаллық раўажланыў бағдарларында жедел жумыслар алып бармақта.
Улыўма алғанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде халықаралық байланысларды беккемлеўге қаратылған жумыслароқыў орынының глобал билим майданында тән алыныўына, рейтинг көрсеткишлериниң избе-из өсиўине ҳәм оның бәсекиге шыдамлы университет сыпатында қәлиплесиўине беккем тийкар болмақта.
– Алдағы режелер ҳаққында нелерди айтар едиңиз.
– Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде халықаралық байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм оларды жаңа сапа басқышына алып шығыў келеси жыллардағы тийкарғы стратегиялық режелер қатарына киреди.
Келешекте университет сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў географиясын кеңейтиў, әсиресе, Европа, Азия ҳәм Америка регионларындағы жетекши университетлер менен тийкарғы академиялық бирге ислесиўди орнатыўды режелестирмекте. Бул шеңберде қоспа тәлим бағдарламалары, биргеликтеги магистратура ҳәм докторантура бағдарламаларын иске қосыў режелестирилген.
Профессор-оқытыўшылар ушын алдынғы сырт ел университетлеринде илимий стажировкалар ҳәм биргеликтеги илимий лабораториялар шөлкемлестириў режелестириледи. Сондай-ақ, Scopus ҳәм Web of Science базаларына кириўши журналларда басылымлар санын арттырыў ҳәм халықаралық цитатациялаўды көтериўге айрықша итибар қаратылмақта.
Студентлер ушын халықаралық академиялық мобиллик бағдарламаларын кеңейтиў, сырт ел грантлары ҳәм стипендияларға таярлаў механизмлерин күшейтиў, инглис тилинде оқытыў пәнлери ҳәм бағдарламаларының санын көбейтиў режелестирилген. Сондай-ақ, сырт елли студентлерди қызықтырыў бойынша маркетинг ҳәм рекрутинг илажлары күшейтиледи.
Келешектеги режелерде университетти QS World University Rankings ҳәм Times Higher Education (THE) рейтинглерине толық ҳәм системалы түрде киргизиў, олардағы көрсеткишлерди избе-из жақсылаў тийкарғы мақсет етип белгиленген. Бул ушын академиялық абырай, илимий изертлеўдиң сапасы, халықаралық бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў индикаторлары бойынша анық “жол карталары” ислеп шығылады.
Улыўма алғанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети алдағы режелеринде халықаралық билимлендириў ҳәм илим кеңислигинде өз орнын беккемлеў, регионаллық емес, ал глобал дәрежеде бәсекиге шыдамлы университетке айланыўды өз алдына тийкарғы мақсет етип қоймақта.
-Ҳақыйқатында да избе-изликте алып барылып атырған жумыслар, университеттиң жаңа имканиятлар ҳәм үлкен дәрежелерге ерисиўине тийкар жаратары анық. Бул бағдарда университет жәмәәтине ҳәм Сизиң жумысларыңызда табыслар тилеймиз. Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.
Сәўбетлескен Гулнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы