Илим тараўында бирден-бир санлы платформа иске қосылады

13

Өзбекстанда илимий лабораториялардың жасалма интеллектке тийкарланған бирден-бир илимий платформасы иске қосылады.

Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен ислеп шығылып атырған бул жойбар мәмлекеттеги барлық илимий-изертлеў инфраструктуралары ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир орайласқан мәлимлеме ресурсы сыпатында жәмлеп, оларды нәтийжели басқарыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, илим ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыўшы шөлкемлерде илимий инфраструктуралардан пайдаланыў нәтийжелилигин прогнозлаў ҳәм оптималластырыўға байланыслы таллаўлар жасалма интеллект технологиялары арқалы әмелге асырылады. Бул болса ўақыт ҳәм материаллық ресурсларды үнемлеўге хызмет етеди.

Атап өтилиўинше, бул платформа тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, илимий шөлкемлер арасында бирге ислесиў байланысларын және де күшейтиўге хызмет етеди. Қәнигелердиң пикиринше, платформа илимий излениўлердиң сапасын арттырыў, қайта қәрежетлерди азайтыў және республиканың түрли аймақларында жумыс алып барып атырған илимий лабораториялар имканиятларынан толық ҳәм мақсетли пайдаланыў имканиятын жаратады.

Жасалма интеллект технологиялары тийкарында жаратылып атырған бул платформа республикада илимниң санлы келешегин қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болыўы күтилмекте.

Н.Рахманова,

ӨзА