OCA’ның 46-Бас ассамблеясына таярлық жумыслары додаланды

Усы жылдың 24-27-январь күнлери пайтахтымыз Ташкентте Азия олимпиада кеңесиниң (OCA’) гезектеги 46-Бас ассамблея мәжилиси болып өтеди.
Материктиң 45 ке шамалас мәмлекетинен 350 ден аслам спорт басшылары, онлаған халықаралық спорт шөлкемлериниң жуўапкерлери, Халықаралық олимпиада комитетиниң атқарыў комитети ағзалары қатнасыўында өтетуғын усы илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге бағышланған мәжилисте таярлық жумыслары додаланды.
Спорт министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Миллий олимпиада комитетиниң басшылары, спорт федерациялары ҳәм ассоциацияларының жуўапкерлери қатнасыўындағы мәжилисте халықаралық әҳмийетке ийе илажларды белгиленген талаплар тийкарында қаржыландырыў, ажыратылып атырған бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, бул процесслер үстинен қадағалаўды күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Соның менен бирге, Азия олимпиада кеңеси Бас ассамблеясына келетуғын жоқары мәртебели мийманларды мүнәсип күтип алыў, шөлкемлестириў, мәлимлеме ҳәм қәўипсизлик мәселелерин муўапықластырған ҳалда әмелге асырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Т.Рўзиев, ӨзА