Мәлимлеме хызмети басшылары қалай аттестациядан өткериледи?

14

Әмелдеги тәртипке бола, талабан Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайында ҳәр үш жылда бир мәрте аттестациядан өтиўи шәрт.

Усы жылдың 22-январында “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызмети басшыларын аттестациядан өткериў ҳәм олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилгенин ҳәм онда бир қатар ўазыйпалар белгилеп қойылғанын атап өтиў керек.

Оған бола, талабанларды аттестациядан өткериў ушын Орай директорының буйрығы менен кеминде 7 адамнан ибарат Аттестация комиссиясы дүзиледи. Комиссия аттестациядан өтиў мүддети келген талабанлардың дизимин усыныў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге мүрәжат етеди.

Комиссия тәрепинен талабанлардың анкетасы 10 күн ишинде ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, аттестациядан өтетуғын талабанлардың дизими тастыйықланады.

Аттестация 2 ай ишинде болып өтеди, 5 сораў ҳәм әмелий сынақлардан ибарат аўызша сәўбет түринде өткериледи. Аттестация өткериў ўақтында талабанның сәўбет нәтийжелери 5 баллық системада баҳаланады. Бунда кеминде 4 балл менен баҳаланған талабан аттестациядан өткен деп табылады ҳәм оған аттестациядан өткенлиги ҳаққындағы гүўалық бериледи.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА