Мүддетли әскерий хызметкерлерди кәсипке бағдарлаў мақсетинде Нөкис қаласындағы моноорайға саяхат шөлкемлестирилди

Мүддетли әскерий хызметкерлердиң әскерий хызметти тамамлағаннан соң жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине, өз келешегин анық кәсип-өнер менен байланыстырыўына жәрдемлесиў мақсетинде Нөкис қаласында жайласқан моноорайға әмелий сапар шөлкемлестирилди.
Бул сапар даўамында әскерий хызметкерлер моноорайда жаратылған заманагөй шараятлар, оқыў ханалары, әмелий шынығыўлар ушын мөлшерленген устаханалар ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бағдарлары менен жақыннан танысты. Қәнигелер тәрепинен орайдың жумысы, оқыў процесслери, қысқа мүддетли курслар, заманагөй кәсиплер ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған бағдарлар бойынша толық түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметкерлерге мәлимлеме технологиялары, тигиўшилик, кепсерлеў, автомеханика, электротехника, шаштәрезлик ҳәм басқа да кәсиплер бойынша оқыў имканиятлары, оқыў мүддети, жуўмағында берилетуғын мәмлекетлик үлгидеги сертификатлар ҳәм бәнтлик мәселелери бойынша әҳмийетли мағлыўматлар жеткерилди.
Сапар даўамында әскерий хызметкерлер өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўаплар алып, жеке қызығыўшылық ҳәм қәбилетлеринен келип шығып келешек кәсибин таңлаў бойынша түсиниклерге ийе болды. Айырым қатнасыўшылар моноорайда жумыс алып барып атырған оқыўшылардың әмелий жумыслары үлкен қызығыўшылық пенен бақлады.

Бул сапар мүддетли әскерий хызметкерлердиң кәсипке бағдарланыўы, олардың социаллық бейимлесиўи ҳәм келешекте турақлы бәнтлигин тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып, Жаңа Өзбекстан жаслары ушын жаратылып атырған кең имканиятлардың айқын көриниси болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги