Путин “Тынышлық кеңеси”не 1 млрд доллар бериўге таяр (+видео)

15

DW хабарына бола, Владимир Путин АҚШта музлатылған Россия активлеринен 1 млрд доллар “Тынышлық кеңеси”не тапсырылыўы мүмкин екенлигин мәлим еткен.

Путин Россия Федерациясы Қәўипсизлик кеңеси мәжилисинде айтыўынша, қалған қаржылар “Россия ҳәм Украина арасында тынышлық шәртнамасына қол қойылғаннан кейин урыста зыян көрген аймақларды тиклеўге” жумсалыўы мүмкин. Бирақ, қайсы аймақлар, Украина қадағалаўындағы ма ямаса Москва ийелеген аймақлар ма, оған анықлық киргизилмеген.

Сондай-ақ, Путин Россия ҳәзирше АҚШтың усынысы бойынша “Тынышлық кеңеси”не ағза болыўға таяр ямаса таяр емес екенине де тоқтап өтпеген. “Тынышлық кеңеси” аты менен аталатуғын бул шөлкем, Газа секторында тынышлықты тәмийинлеў бойынша дүзилгени айтылды. Бирақ бақлаўшылар кеңестиң ўәкилликлери бираз кең болыўы мүмкин екенин, сол себепли ол БМШтың бәсекишисине айланыўы да мүмкин екенин билдирмекте.

“Тынышлық кеңеси”ниң уставына бүгин Давоста болып өтип атырған Жәҳән экономикалық форумында қол қойылыўы күтилмекте. Кеңес баслығы – Дональд Трамп. Оның атқарыў комитетине АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио, президенттиң туўысқаны Жаред Кушнер ҳәм бурынғы Уллы Британия бас министри Тони Блер киретуғыны мәлим етилген. Германия ҳәм Россия басшыларына да кеңесте қатнасыў усыныслары жиберилген. Бирақ, Германия ҳүкимети Трамптың “Тынышлық кеңеси”не гүман менен қарамақта. Мәселен, вице-канцлер Ларс Клингбайль “Қосымша халықаралық институтларға зәрүрлик жоқ. БМШ бар, жаңа шөлкемлер жаратыў емес, ал барларын раўажландырыў керек”, – деген.

Владимир Путин де Россия Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы ағзалары менен өткерилген мәжилисте, бул мәселе бойынша Россия Сыртқы ислер министрлигине келип түскен ҳүжжетлерди үйрениў ҳәм стратегиялық шериклер менен мәсләҳәтлесиў тапсырылғанын айтып өтти. “Тек соннан кейин биз АҚШ тәрепинен берилген усынысқа жуўап беремиз”,- деген ол. Россияның бул позициясы бираз түсиниксиз болып туйылыўы мүмкин. Мәселен, Россия музлатылған активлеринен 1 млрд долларды “Тынышлық кеңеси”не бериўге таяр екенин айтып атыр, бирақ ағза болыўға асықпай атыр. Яғный, бул ҳәрекетлерде “Россия тынышлық ушын қаржы ажырата алады, Америка басламаларын ҳүрмет етеди”, деген мәнисти аңлаў мүмкин, деп талқыламақта қәнигелер.

Кенжа Бекжонов, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА