Ҳәр айда “Биргеликте өмирди сақлаймыз” миллий донорлық акциясы өткериледи

Усы жылдың 20-январында қабыл етилген “2026-2030-жылларда қан менен ислесиў хызметин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында“ғы Президент қарарына бола қан менен ислесиў хызмети шөлкемлеринде жаңа система жолға қойылады.
Яғный, 2026-жыл 1-октябрьден қан менен ислесиў хызмети шөлкемлеринде қан өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм сапасын тәмийинлеў бойынша барлық техникалық ҳәм медициналық процесслерди тәртипке салыўшы стандарт операциялық процесслер ҳәм қәўипсизлик протоколлары енгизиледи.
“Талап – қайта ислеў – жеткерип бериў” шынжыры шеңберинде бизнес процесслерин басқарыў системасы жолға қойылады.
2027-жыл 1-марттан “Қан өнимлериниң электрон есабын жүргизиў” мәлимлеме системасы енгизиледи.
2026-жыл 1-октябрьден қан менен ислесиў хызмети шөлкемлеринде қан өнимлерин мәжбүрий тәртипте 2 басқышлы скрининг тексериўинен өткериў системасы жолға қойылады.
Қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан бийғәрез қан донорлығы ҳәрекетин раўажландырыў мақсетинде ҳәр айда “Биргеликте өмирди сақлаймыз” миллий донорлық акциясы өткериледи. Усы акция шеңберинде ҳәр айдың 1 ҳәптеси даўамында – қан менен ислесиў хызмети шөлкемлеринде, ҳәр айдың 3 ҳәптеси даўамында – билимлендириў, емлеў ҳәм басқа да шөлкемлерде қан донорлығы шөлкемлестириледи.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери системасына кириўши министрлик, уйым ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының әскерий хызметкерлери арасында ҳәр жылы 1 мәрте донорлық күнлери өткериледи.
Мийнет жәмәәтлеринде донорлық күнлерин өткериў жолға қойылады.
Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде донорлық бойынша руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, туўыўда медициналық жәрдем көрсететуғын ҳәр бир мәкемеде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклериниң қыстаўлы резерви шөлкемлестирилиўи және оны қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери, соның ишинде, плазма ҳәм эритроцитар масса резерви менен тәмийинлениўи белгиленди.
М.Қосимова,
ӨзА