13 жасқа шекем смартфоннан пайдаланыў келешекте руўхый саламатлық ушын айрықша қәўип туўдырады

7

Sapien Labs изертлеўшилери дүнья бойлап 100 000 нан артық адамның мағлыўматларын таллап, усындай жуўмаққа келди.

Таллаўларға бола, биринши смартфонын 13 жасқа шекем алған жаслардың 18-24 жас аралығындағы руўхый саламатлық көрсеткишлери сезилерли дәрежеде төмен болған. Мәселен, қурылмадан бес жасында пайдаланыўды баслағанлар руўхый саламатлық шкаласы (MHQ) бойынша орташа тек ғана 1 балл топлаған болса, телефонды 13 жасында алғанларда бул көрсеткиш 30 баллды қураған. Смартфоннан ерте пайдаланыў менен байланыслы өзине тән белгилерге өз жанына қастыянлық етиў ҳаққындағы ойлар, агрессивлик, ҳақыйқатлықтан ажыралыў ҳәм галлюцинациялар киреди.

Смартфоннан ерте пайдаланыў ҳаял-қызларда өзине болған исеним, қәдир-қымбат ҳәм эмоционаллық шыдамлылықтың төменлеўине, еркеклерде болса турақлылық, қәтержамлық ҳәм түсинисиў (эмпатия) сезиминиң азайыўына алып келеди.

Изертлеў нәтийжелерине бола, бул машқалалардың шама менен 40 проценти социаллық тармақларға ерте кириў менен түсиндириледи. Қосымша факторлар сыпатында төмендегилер келтирилген:

  • Шаңарақтағы унамсыз қарым-қатнаслар (13%);
  • Кибербуллинг – интернеттеги кемситиўлер (10%);
  • Уйқының бузылыўы (12%).

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, бул ақыбетлер глобаллық характерге ийе болып, мәмлекет, мәденият ямаса тилге байланыслы емес. Смартфоннан ерте пайдаланыўдың унамсыз тәсири барлық регионлардағы жасларда бирдей көринбекте, COVID-19 пандемиясы болса бул тенденцияны және де күшейткен болыўы мүмкин.

Экспертлер смартфонларды тап алкоголь ҳәм темеки өнимлери сыяқлы тәртипке салыўшы илажларды қолланыўға шақырмақта. Усыныслар арасында 13 жасқа толмаған балалардың смартфонлардан пайдаланыўын шеклеў, санлы саўатлылық бойынша мәжбүрий билим бериў ҳәм социаллық тармақлардағы жас шеклеўлери үстинен қадағалаўды күшейтиў бар.

Айырым мәмлекетлер әллеқашан бул бағдарда қәдем тасламақта: Франция, Австралия, Нидерландия, Италия ҳәм Жаңа Зеландияда мектеплерде телефонлардан пайдаланыў белгили дәрежеде қадаған етилди. АҚШтың бир неше штатларында да шеклеўлер енгизилген, атап айтқанда, жақында Нью-Йорк оқыў орынларында смартфонлардан пайдаланыўды толық қадаған ететуғынын жәриялады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги