Бажыхана иси: исбилермен ҳаял-қызларға жаңа имканият

8

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Бажыхана комитети ҳәм Саўда-санаат палатасы тәрепинен усы жылдың 20-22-январь күнлери исбилермен ҳаял-қызлар ушын “Бажыхана иси” бағдары бойынша аралықтан турып оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Бул 3 күнлик оқыў курсларына республикамыздан 100 ге шамалас исбилермен ҳаял-қыз қатнасты.

Оқыў курслары даўамында жүк операциясы процесслерин санластырыў,  ўәкилликли экономикалық операторлар ушын жаратып берилген әпиўайыластырыўлар, товарларды физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы алып өтиўдиң тәртип-қағыйдалары, сыртқы экономикалық жумысты тарифсиз тәртипке салыўдың тийкарлары, товарларды қайта ислеў перспективалары, сондай-ақ, бажыхана төлемлерин кешиктирип яки бөлип-бөлип төлеў имканиятларын алыўдың тәртип-қағыйдалары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Оқыў курсының үшинши күнинде қатнасыўшылар Нөкис сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постына барып, пост жумыслары менен таныстырылды.  Оқыў даўамында алынған теориялық билимлер әмелий жақтан көрсетип берилди.

– Оқыў даўамында исбилерменликти раўажландырыў, әсиресе ҳаял-қызлар ушын өзиниң исбилерменлик жумысын жолға қойыў бағдарында Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар ҳәм пәрманлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер туўралы көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың басшылығында республикамызда жумыс ислеп турған исбилерменлик субъектлери ҳаққында да мағлыўматлар алып, олар менен тәжирийбе алмасыў мүмкиншилигине ийе болдық, – дейди исбилермен Наргүл Худайбергенова.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги