Алтын, гүмис ҳәм қола: ҳаял-қызлар боксинде жаңа жетискенликлер

17

Ташкент қаласында Олимпия қалашасында бокс бойынша ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең күшли боксшилер қатнасып, өз салмақ категориялары бойынша беллесиўлерге түсти ҳәм чемпионаттың әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан бокс федерациясы тәрепинен Венгрия, Марокко, Мексика, Иордания, Монголия, Коста-Рика, Гватемала, Зимбабве мәмлекетинен төрешилер қатнасып, ярым финал ҳәм финал беллесиўлерин басқарып барды.

Оғада қызықлы ҳәм кескин өткен чемпионатта республикамыз қызлары да қатнасып, бир неше  сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, 75кг салмақта беллесиўлерге түскен Айсанем Сарўарова барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан чемпионатының алтын медалын қолға киргизди.

Ал, 57кг салмақта рингге шыққан Рахима Бекниязова финалға шекем жетип келди ҳәм упайлар есабында ферғаналы Хуморабону Мамажоноваға жеңилип қалды. 80кг да беллескен Айнура Бегжанова болса, қола медаль ийесине айланды.

– Өзбекстан чемпионатына 6 салмақ категориясы бойынша  7 қыз алып барған едик, -дейди Айсанем Сарўарованың устазы Батыр Баўатдинов. – Соннан 3 боксшимиз сыйлы орынларды ийеледи ҳәм сайланды команда қурамы ағзасына қабылланды.

Тилекке қарсы, республикамыздың ерлер командасы ағзаларына бул жарыста жеңимпазлық несип етпеди.

Жеңимпаз боксшилеримизди жарысқа тренерлерден Батыр Баўатдинов ҳәм Рахат Өтениязовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы