2025-жыда Өзбекстан аэропортлары 15,5 миллион жолаўшыға хызмет көрсетти

Бул ҳаққында “Uzbekistan Airports” баспасөз хызмети хабар берди.
Хабарда атап өтилиўинше, 2025-жылдың жуўмақларына бола, “Uzbekistan Airports” жолаўшылар ағымы, авиарейслер саны ҳәм жүк тасыў көлеминде турақлы өсиўди атап өтти.
Январь-декабрь айларында мәмлекет аэропортлары жәми 128 мың 972 авиарейске хызмет көрсетти. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 14 процентке көп. Соннан 92 мың 480 рейс халықаралық, 36 мың 492 рейс ишки жөнелислерде әмелге асырылды.

Жыл даўамында Өзбекстан аэропортлары арқалы 15,5 миллион жолаўшы сапар етти. Бул өткен жылға салыстырғанда 15 процентлик өсиўди қурайды. Жолаўшылардың 12,7 миллионы халықаралық, 2,8 миллионы болса ишки рейслердиң үлесине туўра келди.
Жүк тасыў тараўында да унамлы динамика сақланып қалды. 2025-жылы аэропортлар арқалы 98 мың 137 тонна жүк ҳәм почта тасылған болып, бул өткен жылға салыстырғанда 12 процентке көп.
Сондай-ақ, өткен жылы Өзбекстан аэропортларына төрт жаңа халықаралық авиакомпания тартылды. Олардың арасында Қытайдың “Air China” ҳәм “China Eastern”, Кореянинг “T’Way”, сондай-ақ, Малайзияның “AirAsia” авиакомпаниялары бар.
Ш.Маматуропова,
ӨзА