Жас илимпазлар ушын мүмкиншиликлер кеңеймекте

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илим ҳәм билимлендириўдиң интеграциясын беккемлеў, жас изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың илимий потенциалын және де арттырыўға қаратылған “Академик ҳәм жас илимпазлар” атамасында ушырасыў болып өтти.
Онда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, академик А.Реймов, сондай-ақ, университеттиң магистрантлары, докторантлары ҳәм белсенди жас илимпазлар қатнасты.
Ушырасыўда бүгинги күнде жоқары оқыў орнында илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, усы қарарда мәмлекетте илимди раўажландырыў, илимий-изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, жас илимпазлардың илимий жумысын хошаметлеў, Илимлер академиясы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылған.
Академиктиң атап өтиўинше, бул қарар илим тараўында түпкиликли бурылыс жасаў, заманагөй илимий мектеплерди қәлиплестириў ҳәм жас изертлеўшилер ушын кең имканиятлар жаратыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Сондай-ақ, илимий-изертлеўлердиң нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Ушырасыў ашық сәўбетлесиў тәризинде даўам етип, магистрантлар, докторантлар ҳәм жас илимпазлар өзлериниң илимий жумыслары, изертлеў бағдарлары, машқалалары ҳәм перспективалы режелери ҳаққында пикир алысты.

Академик жас изертлеўшилердиң сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берип, илимий жумысларды сапалы алып барыў, халықаралық басылымларда мақалалар басып шығарыў, грант жойбарларында белсене қатнасыў бойынша баҳалы усыныслар берди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги