Пикирди текстке айландырыўшы шлем жаратылды

Инвазив емес (хирургиялық емес) ЖИ-шлем жаратылды. Алдын пикирди оқыў ушын мийге чип орнатыў керек еди (Илон Масктың Neuralink жойбары сыяқлы). Енди болса тек ғана шлем кийиў жеткиликли.
UTS (Сидней Технология Университети) ҳәм жетекши ЖИ изертлеўшилери менен биргеликте жаратылған бул қурылма мийдиң электроэнцефалограмма (ЭЭГ) сигналларын жоқары анықлықта оқыйды.
Шлем мийден келип атырған электромагнит толқынларды “түсинеди” ҳәм ЖИ жәрдеминде оларды секундлар ишинде анықлық пенен текстке айландырады.
Бас сүйегин тесиў ямаса чип орнатыў шәрт емес. Бул технологияны ғалаба ен жайдырыў ушын ең үлкен қәдем. Инсульт ямаса басқа кеселликлер себепли сөйлеў қәбилетин жоғалтқан адамлар енди тек ғана “ойлаў” арқалы жақынлары менен сөйлесе алады.
Жақын келешекте текст жазыў, хабар жибериў ямаса компьютерди басқарыў ушын қоллар емес, тек ғана пикирди айқынластырыў жетерли болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги