Пайтахт орайындағы «Алмазар»

Елдиң абатлығы мәҳәлледен басланады. Ал мәҳәлле болса бир неше шаңарақлардың жыйындысы. Солай екен, шаңарақларда тынышлық, аўызбиршилик, тәртип, қут-берекет болса мәҳәлле көркейип, абат болып бара береди.
Президентимиз тәрепинен мәҳәллелерди раўажландырыў бағдарындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша бир қанша ўазыйпалар белгилеп берилип, бул бағдарда елимиз бойлап кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Быйылғы жылдың да «Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў» жылы деп белгилениўи елимизде мәҳәллелердиң атқаратуғын хызметин жетилистириў, аймақларды абат етиў, көпмиллетли мәҳәлле турмысын және де көркейтиў, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдет дәтүрлеримизди бурмаламай сап ҳалында даўам етиў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм оларды жат иллетлерден жырақ етиў, той-мерекелерди ысырапгершиликсиз өткериў сыяқлы ўазыйпаларды жуўапкершилик пенен атқарыўды жуўапкерлердиң алдына үлкен ўазыйпа етип қоймақта. Әлбетте, бул ўазыйпаларды өз ўақтында орынлап, жуўапкершилик пенен алып барыўда мәҳәлле баслықлары менен мәҳәлле жетилигиниң орны айрықша.
Биз пайтахтымыздағы «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле баслығы Айназар Бегжанов пенен мәҳәлледе алып барылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлесекен едик.
-Бүгинги күни республикамыздың қайсы аймағына, қайсы мәҳәллесине барсаң да ҳүрметли Президентимиздиң алып барып атырған әдил сиясатының, әсиресе, Қарақалпақстанға болған айрықша дыққат-итибары менен ғамқорлығының нәтийжесинде үлкемиз күн сайын жасарып, жаңарып, халқымыздың абадан турмыс кешириўине беккем тийкар жаратылып атырғанының гүўасы боласаң.
Әсиресе, соңғы тоғыз жыл ишиндеги жаңаланыўлар менен раўажланыўлар кимниң болса да ҳәўесин келтирип, турмыстан разы болып жасаўына алып келмекте.
Буны өзим басшылық етип атырған Нөкис қаласы «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны мысалынан алып қарайтуғын болсам, тек ғана соңғы төрт-бес жыл ишинде аймақта журт ҳәўес етерлик үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылып, сезилерли дәрежеде алға илгерилеўлерге бағдар алынғаны көзге тасланды.
Буннан 10-15 жыл алдын аймағымызда тек бир ямаса санаўлы ғана еки қабатлы турақ жайлар болған болса, соңғы еки-үш жыл ишинде бес қабаттан ибарат 72 ханалы еки турақ жай, еки қабатлы 28 коттедж жай ҳәм үш қабатлы бир тойхана бой тиклеп, аймағымыздың шырайына-шырай, көркине-көрк қоспақта. Ҳәзир үш қабатлы бир мәдений турмыс объектиниң қурылыс жумыслары қызғын даўам еттирилип атыр.
Аймағымыздан 2019-жылы айына 150-180 тонна сүт қайта исленип, оннан 15 түрли өним алыў имканиятына ийе «Паномилк» сүт ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеп шығарыў кәрханасы иске түсип, үйинде жумыссыз отырған 30 аймақ пуқарасы жумысқа қабылланды ҳәм бәнтлиги тәмийинленди. «Қуяшлы» көшеси бойынан Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы «Гемодиализ» медицина орайы салынып, пайдаланыўға тапсырылды.
2024-жылдың ноябрь айында мәкан пуқаралар жыйыны турмысында көптен күткен қуўанышлы тарийхый ўақыя жүз берди. Яғный, буннан алдын 33 жыл даўамында мектеп ҳәм басқа да бир қанша мәкеме, шөлкемлердиң қуўыс-қолтығында ижарада жасап келген мәкан пуқаралар жыйыны енди барлық қолайлылықларға ийе, ҳәзирги заман үлгисиндеги, кең ҳәм жақтылы жыллы бөлмели өз имаратына ийе болды. Бул жерде аймақ халқының бос ўақытлары келип, газета-журнал, китаплар оқып, шахмат-шашка ойнап, кеўилли дем алыўы ушын арнаўлы хана жаратлыған.
Бүгинги күнде аймағымызда сегиз миллет ўәкиллерин өз ишине қамтыған 2500 ден аслам халық 627 шаңарақта бир атаның баласындай болып, беккем аўызбиршилик пенен абадан турмыста жасап келмекте. Оларға еки шаңарақлық турмыс хызметин көрсетиў үйи, жети азық-аўқат ҳәм аралас затлар дүканы, бир буфет, төрт шаңарақлық нан жабыў цехы, үш кондитер өнимлерин ислеп шығарыў цехы, үш жәмийетлик аўқатланыў орны, үш тойхана, еки тазаланған суў, бир жем сатыў орны, бир кардио клиника, жети дәрихана, бир массажхана, бир машина жуўыў ҳәм машиналардың майын алмастырыў орынлары турақлы түрде сапалы хызмет көрсетип атыр.
Бир улыўма билим бериў мектеби, бес мектепке шекемги билим-лендириў мәкемеси (булардың екеўи мәмлекетлик, үшеўи жеке меншик бақшалар) аймақ халқының ул-қызларына тәлим-тәрбия берип келмекте.
Аймағымыздың басқа аймақларға салыстырғанда бир абзал тәрепи сонда – бул жерде бурын республика басшысы болып ислеген еки мәмлекетлик ғайраткер ҳәм жәмийетлик искер, үш Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, үш академик, үш қала ҳәм районлардың бурынғы ҳәкимлери, тоғыз республика көлеминдеги мәкеме, шөлкемлерди басқарған инсанлар, төрт илим докторы, еки илим кандидаты ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда жуўапкерли лаўазымларда ислеген онлаған иси өрнекли инсанлар усы муқаддес аймақта жасап өтти.
Халқымызда жасүлкенди ҳүрметлеўдей жақсы пазыйлетлер бар. жақсы пазыйлетлер бар. Мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен аймақта жасаўшы 430 дан аслам нураныйларымыздың қәдир-қымбаты, ҳүрмет-иззети өз орнына қойылып, олардың театрларға барып, жанға жағымлы концерт бағдарламалары менен спектакльлер көрип, мазмунлы дем алыўлары ҳәм үлкемиздиң шыпалы орынларына барып, денсаўлық жағдайларын беккемлеп қайтыўы ушын көплеген мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл, 25-ноябрьдеги «Кәмбағаллықтан-абаданлыққа қарай бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нураныйларды қатнастырыў илажлары ҳаққында» ғы қарарына муўапық, 2025-жылдың январь айында социаллық жәрдемге мүтәж 15 кәмбағал шаңарақ белсенди нураныйлар Сражатдин Алламбергенов, Идирис Қосназаров, Турсынай Байлепесоваларға (ҳәр бирине бес шаңарақтан) алты ай мүддетке бириктирилип берилип, биринши ярым жыллықта 9 шаңарақ кәмбағаллық реестринен шығарылған болса, екинши ярым жыллықта белсенди нураныйлар Идирис Қосназаров, Генжемурат Төремуратов, Турсынай Байлепесовалардың ҳәр бирине бес кәмбағал шаңарақ бекитилип, жыл ақырында еки басқышта бириктирилип берилген барлық шаңарақлардың кәмбағаллық реестринен шығарылыўы тәмийинленди.
Белсенди нураный И.Қосназаровтың тиккелей басламасы ҳәм шөлкемлестириўи менен мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, аймаққа бекитилген ҳәким жәрдемшиси Е.Бекбаўлиевлердиң қоллап-қуўатлаўы ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетип барыўының, сондай-ақ, үш белсенди исбилерменниң бийминнет ислеген қайыр-сақаўатлық ислериниң арқасында кәмбағаллық реестринде турған бир шаңарақтың ески үлгиде салынған кишкене ғана еки бөлмели жайы 2025-жылдың ноябрь айында барлық қолайлықларға ийе, ҳәзирги заман үлгисиндеги кең ҳәм жақтылы төрт бөлмели жайға айландырылып берилди. Нәтийжеде сол шаңарақ ийелери екинши топар майыбы И.Жуманиязов ҳәм Г.Оразымбетовалар бул жәрдемнен қуўанышқа бөленди.
Өткен жылдың 10-декабрь күни аймағымыз турмысында биринши мәрте «Ең көп китап оқыған аймақ нураныйы» таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар мәкан пуқаралар жыйыны баслығының «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды. Буны өткериўдеги мақсет, аймақ нураныйлары арасында китап оқыў мәдениятын қәлиплестирип, олардың руўхый дүньясын байытып барыўдан ибарат. Соның менен бирге 2025-жылдың 20-ноябрь айында нуранийлер арасында шахмат-шашка жарысы өткерилди. Олардың ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм елимиздиң бай тарийхый орынлары менен таныстырып барыў мақсетинде 2022-жылы 21 нураний Хийўа ҳәм Самарқанд қалаларына, 2023-жылы 25 нураний Елликқала ҳәм Беруний районларындағы тарийхый орынларға зияратқа алып барылды.
Сондай-ақ, «Бир нураний он жасқа жуўапкер» бағдарламасы бойынша аймағымыздағы белсенди нуранийлар жаслар тәрбиясы менен жақыннан шуғылланып, олар менен ушырасыў кешелерин өткерип, өзлериниң мәсләҳәтлерин, жол-жобаларын берип келмекте. Әсиресе, олардың турмыс, өмир жолларынан алжасқан жасларғ сондай-ақ, ҳуқықбузарлық ҳәм жынайы жолларға кирип кетиўиниң алдын алыў бойынша берип атырған мәсләҳәтлери өз пайдасын берип келмекте. Бул бағдарда «Үш әўлад» ушырасыўларын да нәтийжели шөлкемлестирип келмектемиз.
Аймағымыздың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларға өз ўақтында жәрдемлер көрсетип барыў мәкан пуқаралар жыйынының дыққат итибарында турған ең зәрүрли ҳәм әҳмийетли мәселелердиң биринен саналады. Бул бағдарда аймаққа бекитилген ҳәким жәрдемшиси Есенгелди Бекбаўлиев, социаллық хызметкер Жақсымурат Сапаров, жаслар жетекшиси Наўрыз Калиев ҳәм аймақ банкири Бахыт Сырғабаевлар менен биргеликте мақсетке бағдарланған зәрүрли илажларды әмелге асырдық. Атап айтқанда, 2024-жылы социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген 83 шаңараққа, 2025-жылы 67 шаңараққа жәрдем пул ҳәм балалар напақасы бир жыл даўамында толық төлеп келинди. Сақаўат ҳәм көмек фонды есабынан 2024-жылы үш жәрдемге мүтәж шаңарақтың ҳәр бирине 17 миллион сум, 2025-жылы бир шаңараққа 17 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, жайларына ири оңлаў жумыслары ислеп берилди.
2024-жылы майыплығы болған 7 пуқараға дәри-дәрмақ алып, денсаўлық жағдайларын жақсылап алыўы ушын 12 миллион сум, 2025-жылы 5 пуқараға 9 миллион сум қаржылар пластик карталарына салып берилди.
2024-жылы кем тәмийинленген ҳәм майыплығы болған 9 пуқара, 2025-жылы 5 пуқара саўалландырыў орайларына жиберилип, денсаўлық жағдайларын беккемлеп қайтты. Өткен жылы майыплығы болған 5 пуқара өзлерине қолай жумысқа орналастырылып, бәнтлиги тәмийинленди. 2025-жылы әменгери жоқ 5 жалғыз баслы анаға 11 миллион сумлық кийим-кеншеклер алып берилди. Өткен жылы мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен 2 кем тәмийинленген шаңарақтың жайлары шиферланып берилип, жаўын өтпейтуғын дәрежеге келтирилди.
Аймағымызда той ҳәм басқа да мәресимлерди дәбдебесиз, ықшам ҳәм ысырапсыз өткериў бағдарында мақсетке муўапық жумыслар алып барылмақта. Мәкан пуқаралар жыйынының тийисли баянлама шешими менен тоғыз адам қурамында арнаўлы исши топар дүзилип, олардың атқаратуғын хызметлери белгиленип берилди. Нәтийжеде дәбдебеликке берилип, той ҳәм мәресимлерди көп адам жыйнап өткериў, ысырапгершилик жағдайлары бираз тәртипке салынды. Ҳәзирги ўақытта той мерекелерди ысырапгершиликсиз, ықшам етип өткериў мәселеси дыққат-итибарымызда турыпты.
2025-жыл 10-декабрь күни мәкан пуқаралар жыйынында жыл жуўмағына байланыслы жыйналыс өткерилип, бир жыл даўамында алып барылған жумысларға таллаў жасалып, 2026-жылы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленип алынды. 10 белсенди нураныйлар менен көше бийлериниң жыл даўамында алып барған мүнәсип хызметлери ылайықлы баҳаланып, мәкан пуқаралар жыйынының «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды. Булардың ҳәммеси аймақ турғынларын қуўанышқа бөлеп, ертеңги күнинен мол үмитлер күтип жасаўына умтылдырмақта.
Мине быйылғы 2026-жылдың «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў» жылы деп белгилениўи елимиз турмысында мәҳәллениң әҳмийети айрықша екенлигин аңлатады. Президентимиздиң мәҳәллелерди раўажландырыўға деген дыққат-итибары биз жуўапкерлерге және де үлкен жуўапкершилик жүклемекте. Биз алдағы ўақытлары да халқымыз арасында аўызбиршиликти сақлап, аймағымызды ҳәр тәреплеме раўажланған абат мәканға айландырыў арқалы аймақ турғынларының тыныш-татыў ҳәм абадан турмыс кешириўине имканиятлар жаратып бериў, социаллық жәрдемге мүтәж қатламды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олардың өмирден разы болып жасаўын тәмийинлеўдей жумысларымыз бенен даўам етемиз.

Сәўбетти жазып алған Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги