Бажыхана: әдилликке ерисиў өз қолымызда

19

“Нөкис” сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен сыртқы саўда жүклерин бажыхана рәсмийлестириўинен өткерип атырған исбилерменлик субъектлери менен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында гезектеги сәўбетлесиў өткерилди.

Атап өтилгениндей, хызмет лаўазымынан жеке мәпи ушын пайдаланыў коррупцияның классикалық көриниси есапланады. Мәмлекетлик хызметлерден баслап, исбилерменликке шекемги түрли тараўларда пара алыўдың кең тарқалғанлығы, мәмлекетлик сатып алыўларды, ресурсларды бөлистириў ҳәм қарарларды қабыл етиўде ашық-айдынлықтың жетерли емеслиги коррупция ушын тийкар жаратады.

“Инсан факторы”н минималластырыў ушын санлы қуралларды енгизиў даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, ҳәр жылы коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилиги бойынша рейтинг жәрияланады. Пуқаралардың  Murojaat.gov.uz ҳәм Eanticor.uz порталлары арқалы электрон мүрәжатлары келеди. Бул пуқараларға коррупция ҳаққында хабар бериў ҳәм олардың мүрәжатларын көрип шығыў процесин бақлаў имканиятын береди.

Коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана нызамшылықты ҳәм институтларды жетилистириўди емес, ал жәмийетлик сананы өзгертиў, ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеўди талап ететуғын кең көлемли ўазыйпа болып есапланады.

Сәўбетлесиўлерде пуқаралардың бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиўи, пара усыныс етпеўи, бажыхана хызметкерлериниң дәмегөйлик ямаса лаўазым ўәкиллигинен пайдаланбақшы болғаны сыяқлы жағдайларға дус келгенде Бажыхана комитетиниң қысқа 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефонларына мүрәжат етиў мүмкин екенлиги ескертилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги