Кредит қайтарылмағаны ушын BYD электромобили аукционға шығарылды

24

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2025-жылы 17-ноябрь күнги қарарына тийкарланып қарыздар А.О.дан “Асакабанк” АКБ пайдасына 211,9 миллион сум өндириў ҳәм усы өндириўди BYD Song Plus маркалы электромобильге қаратыў белгиленди.

Усы суд қарары бойынша шығарылған орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Айрықша әҳмийетке ийе орынлаў ислерин орынлаў бөлими ис жүргизиўине келип түсип, бөлим тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.

Атап айтқанда, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик ықтыярлы мүддет берилип, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери түсиндирилди.

Соған қарамастан, қарыздар орынламағанлығы себепли, кредитке алынған автомашина бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен тийисли тәртипте хатлаўға алынып, усы жылдың 18-январь күни электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарып жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги