Ҳүжжетсиз автомашинаны айдаў қымбатқа түсти

Қағыйдабузар М.А. танысына тийисли “LACETTI” маркалы автомашинаны Нөкис қаласы «Каттагар жағасы» көшесинде басқарып киятырып, бурылыў қағыйдаларына әмел етпестен “COBALT” маркалы автомашинаға жол берместен соқлығысып, автоавария жүз бергенлиги ақыбетинде усы автомашиналарға жәми 71,6 миллион сум материаллық зыян жеткереди.
Жеткерилген зыянларды өндириў ҳаққында Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен 2025-жылы 14-октябрь күни қарар қабыл етилди.
Усы суд қарарына тийкар Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.
Атап айтқанда, қарыздарға 15 күнлик мүддет ишинде суд қарарының орынланыўы тәмийинлениўи керек екенлиги, керисинше жағдайда қарыздарлыққа қосымша орынлаў жыйымы қолланылыўы, сондай-ақ, ҳәкимшилик жәриймаға тартылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.
Нәтийжеде, жәбирлениўшилер Бюроның Нөкис қалалық бөлимине келип, жеткерилген 71 миллион сумнан аслам материаллық зыянды толығы менен алғанлығы ҳаққында билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги