Ыссыхана – турақлы дәрамат дереги

6

Беруний районы Палваш мәҳәллеси аймағында исбилермен Феруза Исакова 35 жылдан берли ыссыханада гүл жетистириў менен шуғылланып келмекте. Бул ыссыханада алдынғы агротехнологиялар тийкарында гүллердиң 30 дан аслам түрдеги нәллери жетистирилип, тәрбияланбақта.

Ыссыхана жумысын кеңейтиў мақсетинде Тақыятас районында да жумыс баслаған.

– Негизинде кәсибим муғаллим. Пенсияға шыққаннан соң гүл тәрбиялаўды избасарларыма да үйретип, бул жумысты ғалаба ен жайдырыў нийетинде едим, – дейди Ф.Исакова. – Қәлемшеден жетистириў жолларын үйренип, жумыс тәжирийбемди және де беккемледим.

Нәтийжеде 10 ға шамалас турақлы жумыс орны жаратылды. Өнимлер ишки базарға турақлы түрде жеткерип берилмекте.

Исбилермен өним жетистириўди көбейтиў үстинде жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги