Социаллық қорғаў системасында заманагөй “ақыллы” шешимлер енгизиледи

Бизге белгили, CАМCE – Қытайдағы ең ири инжиниринг компанияларынан бири болып, 70 мәмлекетте жойбарларды әмелге асырады. Компания санаат, инфраструктура ҳәм социаллық объектлерди пайдаланыўға таяр жағдайда қурыўға қәнигелескен. Сондай-ақ, оның экосистемасында реабилитация орайлары ушын заманагөй үскенелер менен толық тәмийинлеўди өз ишине алған таяр шешимлерди усынатуғын бирге ислесиўши ҳәм филиал кәрханалар бар.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги делегациясы Пекин қаласында Қытайдың ири инжиниринг корпорациясы – CАМCE баслығы мырза Ван Бо менен ушырасыў өткерди. Ушырасыў даўамында корпорация баслығы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды үлкен қызығыўшылық пенен бақлап атырғанын, бул процесслерде ашық-айдынлық, исеним ҳәм раўажланыў руўхы анық сезилип атырғанын атап өтти.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан тең салмақлы жолды таңлағаны, инсанға ғамхорлық ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы бир ўақытта алып барылып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда Бирден-бир социаллық қорғаў реестри арқалы мәнзилли жәрдем көрсетиў системасы және майыплығы болған балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў ҳәм реабилитация хызметлерин бирлестирген “Имкон” орайлары Қытай тәрепинде айрықша қызығыўшылық оятты.

Сөйлесиўлердиң жуўмақларына бола, тәреплер социаллық қорғаў системасына заманагөй “ақыллы” шешимлерди енгизиў, сондай-ақ, алдынғы инжиниринг технологиялары тийкарында реабилитация инфраструктурасын жаңалаў имканиятларын үйрениўге келисип алды.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА