Ҳинд рупиясы тарийхый ең төмен дәрежеге түсти

14

Ҳиндстан миллий валютасы – рупия кескин қәдирсизлениўде даўам етпекте. “Bloomberg” басылымының жазыўынша, кеше ҳинд рупиясы Азия финанс базарында тарийхый ең төмен көрсеткишти атап өтти.

Атап өтилиўинше, рупия бир күн ишинде 0,8 процентке арзанлап, 1 АҚШ доллары ушын 91,7450 дәрежесине түскен. Қызығы сонда, әйне усы күни континентимиздеги басқа да валюталар – Қубла Корея вони, Индонезия рупиясы ҳәм Филиппин песосы беккемленген.

Экспертлердиң пикиринше, бул жағдай Ҳиндстандағы жағдай улыўма Азия базарларының тенденциясы менен емес, ал мәмлекет ишиндеги машқалалар менен байланыслы екенин көрсетпекте. Соның менен бирге, инвесторлардың рупияға болған исеними сезилерли дәрежеде төменлеген.

Рупияның қәдирсизлениўиниң тийкарғы себеби – сырт ел капиталының Ҳиндстаннан тез пәт пенен шығып кетиўи. Усы ай даўамында сырт ел инвесторлары ҳинд фонд базарынан дерлик 2,7 миллиард доллар қаржыны алып шықты. Бул болса 2025-жыл даўамында алып шығылған 19 миллиард долларлық капитал фонында басымды және де күшейтти.

Сондай-ақ, АҚШ пенен саўда қатнасықларындағы кескинлик те жағдайды қыйынластырмақта. Жәрийма бажылары Ҳиндстан экспортына унамсыз тәсир көрсетип атырған болса, импортқа болған жоқары талап компанияларды доллар резервлерин жедел түрде топлаўға ийтермелемекте.

Ф.ЯХШИБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы