Суд системасында жасалма интеллект имканиятлары

Бүгинги күни санлы технологиялар жәмийетлик турмыстың барлық тараўларына кеңнен пайдаланып атырған дәўирде суд-ҳуқық системасында жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм судлар жумысын санластырыў әдил судлаўды тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Бул процесс суд ислерин жүргизиўде заманагөй қатнасларды қолланыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың судқа болған исенимин еле де беккемлеўге хызмет етеди.
Суд системасын санластырыў, бәринен бурын, электрон ҳүжжет айланысы, онлайн суд мәжилислери, аралықтан турып арза ҳәм шағымларды қабыллаў имканиятларын кеңейтиў арқалы суд процесслериниң жедел ҳәм қолайлы болыўы тәмийинленеди. Нәтийжеде пуқаралар ҳәм исбилерменлер артықша ўақыт ҳәм қәрежетлерден қутылып, өз ҳуқықларын қорғаўда нәтийжели механизмлерге ийе болады. Соның менен бирге, санлы шешимлер инсан факторының тәсирин азайтып, қәте ҳәм бюрократиялық тосқынлықлардың алдын алады.
Жасалма интеллект технологияларының суд жумысларына енгизилиўи болса үлкен көлемдеги мағлыўматларды таллаў, суд әмелиятын улыўмаластырыў ҳәм ислерди көрип шығыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын береди. Атап айтқанда, суд қарарларын таллаў, уқсас ислерди анықлаў, ҳүжжетлерди автоматикалық түрде системаластырыў ҳәм ислерди көрип шығыў мүддетлерин шамалаў (прогнозлаў) арқалы судьялардың ис жүклемеси сезилерли дәрежеде азаяды. Бул болса судьяларға ҳәр бир истиң мазмун-мәнисине терең итибар қаратыў мүмкиншилигин береди.
Соның менен бирге, санлы ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған суд платформалары арқалы суд процесслери ҳаққындағы мағлыўматларды ашық бақлаў, суд қарарлары менен еркин танысыў ҳәм жумыс жағдайын реал ўақыт режиминде билиў имканияты да жаратылады. Бул болса ашық-айдынлықты күшейтиў менен бирге, коррупциялық жағдайлардың алдын алыўда да әҳмийетли фактор болып есапланады.
Улыўма алғанда, судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм санластырыў процесслери суд-ҳуқық системасын және де нәтийжели, әдил ҳәм заманагөй етиўге қаратылған.
Бул реформалар пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин арттырыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасының сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Еламан Бисенов,
Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судья аға жәрдемшиси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги